(Нөкис-Ташкент)
Жасыл майсаларға оранған қала.
Қушағыңды аш, ушып бараман.
Қулақшын тербетер жағымлы нама.
Сан мың қыялларды қушып бараман.
Қолымда китабым, онда бир әлем,
Сен өзге әлемсең, тәрийп жетпеген.
Мениң дүньямда бар, қыяллы қәлем.
Релслер тақа-туқы кесент етпеген.
Әлўан реңлерди сызып сағымға.
Биз ушып барамыз түрли бағытта.
* * *
Жасыл майсаларға оранған қала,
Ғумшалар ашқанман қызыл лалаңдай
Баўырыңда туўылып, камалға келип,
Қушпаған екенмен, ана-балаңдай.
Бийтәкирар мәнзиллер өзине шарлап,
Лабиринт ағымында гезермен йошып.
Мени бийқуш етип жағымлы ҳаўа,
Мисли қанат жайып, бултларды қуштым.
Қызық..,
Еле сол рәң-бәрең қыяллар менен,
Биз қайтып барамыз ушқан бағытта.
* * *
Жасасам, мейли ме?
Сизге ашық боп.
Тек ғана пәк туйғылар арнасам деймен.
Жасасам мейли ме?
Дуўалар оқып,
Қәлбимди ҳаққыңызға
сыйласам деймен!
Таң сәҳәр оянып, Сиз бенен бирге,
Қарсы алсақ бәрҳә, аппақ таң нурын.
Бир дастурхан басында салаўат оқып,
Усылай тиллессек, ғамсыз, тәшўишсиз…
Мухаббаттан басқасына қалмайды орын.
Булақтың суўындай тап-таза кеўил…
Периштелер сыбырлайды қулағымызға.
Гүбелектей жәннетлерде ушаман жеңил,
Перделер көтерилсе арамыздағы.
Мен болсам қуўаныш көз жаслар менен,
Шүкирлер айтаман дуўалар оқып,
Сизиң ҳаққыңызға, барлығыңызға!
Кеўилимниң төриндеги орыныңызға!
Мен Сизди, соныңдай сүйемен
Тәңрим..!
