Ана тили-миллеттиң дүньяда бар екенлигин дәлиллеўши тийкарғы белги болып есапланады. Ана тилине, оның тазалығына, раўажланыўына қаратылған итибар-бул, әлбетте, миллеттиң келешегине қаратылған итибар деген.
Быйыл ѳзбек ти
лине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толды. Усы жыллар даўамында ѳзбек тилиниң мәмлекетлик тил статусы еле де беккемленди, ана тилимиз кең ең жайды, ҳәр тәреплеме раўажланды. Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы 19-санлы мектепте «Тил билген- ел биледи» атамасында байрам кешеси шѳлкемлести
рилди. Байрам кешени мектеп директоры З.Бегжанова ашып берди ҳәм сәне мүнәсибети менен қутлықлады.
Соң мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди. Ана тилин жырлаўшы қосықлар, сахналық кѳринислер ҳәм аяқ-ойынлар оқыўшылар тәрепинен атқарылды.
Соңынан байрам кешесин шѳлкемлестириўши муғаллимлер ҳәм жақсы қатнасқан оқыўшылар ҳүрмет жарлығы ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.
Гүлшат ЮЛДАШЕВА,
Нѳкис қаласы, 19-санлы мектептиң ѳзбек тили пәни муғаллими.
