Абитуриентлер ушын усыныс етилген сабақлықлар дизими жәрияланды

Мәмлекетлик тест орайы 2022-2023-оқыў жылында жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақларына таярлық көриў ушын усыныс етилген сабақлықлар ҳәм оқыў әдебиятларының дизимин жәриялады.
Усыныс етилген әдебиятлар дизими Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен усыныс етилген оқыў әдебиятлары дизими тийкарында қәлиплестирилген.
Сабақлықлар дизими менен https://dtm.uz/info/textbooks мәнзили арқалы тийисли пән ҳәм тилди таңлаған ҳалда танысыўыңыз мүмкин.