Елликқала районында «Бес баслама олимпиадасы»ның екинши мәўсими шеңбериндеги жарыслардың мәҳәллелер басқышы жуўмақланып, районлық басқышы өткерилмекте.
Райондағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде стол тенниси бойынша ер балалар ҳәм қызлар арасында жарыслар болып өтти. Оның ашылыўында шығып сөйлегенлер, Президентимиздиң басламасы менен өткерилип атырған жарыслардың қәбилетин жүзеге шығарыў ҳәм қоллап-қуўатлаўдағы әҳмийетине тоқтап өтти.
Буннан кейин өз аймақларында жеңимпаз болған спортшылар өз-ара жарысты. Олардың арасынан жеңимпазлар анықланып, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Жеңимпазларға жаслар ислери агентлиги ҳәм «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының районлық бөлимлери тәрепинен диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
