Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Бахтияр Сайдов басшылығындағы исши топар пайтахтымыздағы 51-санлы улыўма билим бериў мектебинде болды.Нөкис қаласы Бозаўыл поселкасындағы 2019-жылы пайдаланыўға тапсырылған мектепти көзден өтикерди.Бул мектеп 180 оқыўшыға мөлшерленген болса да бүгинги күни ол жердеги халық санының көбейиўине байланыслы 600ден асламырақ балалар оқып билим алмақта.Демек,үш еседен артықлаў контингенттеги оқыўшыларға төрт мезгилде оқыў алып барылады. Министр бул жағдайды көрип, 2023-жылғы инв
естиция бағдарламасына муўапық 420 орынлық қосымша имарат қурылысын баслаўға усыныс берди. Буннан кейин исши топар ағзалары мектептиң бүгинги жағдайы менен танысты. Сабақлардың өтиў процесслерин көрди. Оқыўшылардың билим дəрежелерин тексерип көрди, сораўларға жуўап берген бир оқыўшыға ноутбук саўға етти. Улыўма бул көзден өткериў мектебимиздиң алдағы ўақыттағы билим бериў дəрежесин еле де жоқарылатыўға негиз болады. Бул танысыў сапарында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Ахмед Нарымбетов ҳəм басқа да тараў хызметкерлери қатнасты.
Гүлайым МАТКАРИМОВА,
51-санлы улыўма билим бериў мектеби директорының руўхыйлық ислери бойынша орынбасары.
