Жақында «Жаслар орайы»ның мәжилислер залында Ѳзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының «Ишонч» ҳәм «Ишонч–Доверие» газеталарының Қарақалпақстан Республикасындағы күнлери» атамасындағы дѳретиўшилик ушырасыўы ѳткерилди.
Ушырасыўды Ѳзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының Қарақалпақстан кеңесиниң Шѳлкемлестириў жумыслары бѳлими меңгериўшиси Г.Илмуратова, кирис сѳз бенен ашты. Соң «Ишонч» газетасының бас редакторы орынбасары Т.Ботаяров сѳзге шықты. Ол ѳз сѳзинде соңғы үш жыл даўамында елимиздеги ѳзгерислер, әмелге асырылып атырған жумыслар, қолға киргизилип атырған табыслар, алдымызға қойған мақсетлер ҳаққында, сондай-ақ Ѳзбекстан Кәсиплик аўқамларындағы өзгерислерди атап өтти. Елимизде мәмлекетимиз тәрепинен ғалаба хабар қуралларына үлкен дыққат-итибар қаратылып атырғанын ҳәм сол қатарда «Ишонч» газетасының басып өткен жолы ҳәм редколлегия ағзаларының алдында турған ўазыйпалары ҳаққында айтып ѳтти.
Ушырасыўда газета редакциясы тәрепинен қатнасыўшылар арасында қызықлы викторина сораў-жуўап шѳлкемлестирилип, жеңимпазлар саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, ушырасыўда қатнасыўшылар тәрепинен келешекте газета еле де қызықлы ҳәм ғалабалығын тәмийинлеўге қаратылған усыныс-пикирлерин билдирди. Баянатшыларға сораўлар берип, тийисли жуўаплар алды. Илаж қатнасыўшыларына политолог Қ.Рафиқовтың «Мениң президентим» атамасындағы китабы саўға етилди.
Ж.ЕМБЕРГЕНОВА.
