Заманласым қойсам бир сорақ,
Сезимимди гүллерге орап,
Қапа болып жүрме сен бирақ,
Ҳәмириме кѳнбей тур жүрек,
Туўылмадым неге ертерек?
Шайыр апамыз Ақшолпан Аманияз айтқандай бүгинги күнги жаслардағы талантты, билимди, жетискенликлерди кѳрип, қайтадан жас болғың келип кетеди. Елимиздеги жаслар ушын қаратылған имканиятлар, оларға итибарды сезинип, «Оҳо, жаслар қандай бахытлы!» дейсең, ҳәўесленип.
Жаслардың бәри ѳзлерине жаратылған имканиятлардан пайдаланып, ѳз мақсетлерине жетисип атыр ма? – деген сораўға: «Бундай
жаслар арамызда кѳплеп табылады» – деп жуўап бериўге болады.
– Қәне бул сѳзиңе мысалың? – деўиңиз мүмкин, оқыўшым.
Мен сѳз етпекши болған қыз ҳаққында мақаланың ақырына шекем еринбей оқып шықсаңыз, бул сѳзимниң қаншелли туўры екенине ѳзлериңиз гүўа боласыз.
Усы жыл 17-19-март күнлери Дубай Халықаралық Мода ҳәптелиги «International Fashion Week» кѳргизбесине ѳзиниң «Арал үмити» миллий липаслар коллекциясы менен қатнасқан Индира Жумабаева «The best traditional conture» номинациясы жеңимпазы болған еди.
Арадан жети ай ѳтип бул ҳаққында неге сѳз етип атырсыз? – деп ойлаўыңыз мүмкин.
Енди ғана 21 жасқа шыққан жас қыздың қәлбинде ѳз халқына, миллийлигиине болған гѳззал сезимлери менен бирге бүгинги күни Аралдың жаралы қәлбин сезине билген оның кең пейлине бийпәрўа қарап отыра алмайды екенсең. Ѳзи жаратқан Қарақалпақ ҳаял-қызларының липаслары арқалы ол миллетимиздиң үрп-әдетлерин, кийиниў мәдениятын сол дәрежеде шеберлик пенен мода әлемине жеткерип бере алған. Сондай-ақ, оның коллекциясындағы миллийлик пенен қарысып кеткен заманагѳй липасларды да кѳриўиңизг
е болады.
– Арал теңизиниң бүгинги жағдайы, яғный, кең саҳра, кемелер, ѳсимликлер, теңиз реңине сәйкес реңлер менен байытылған мениң коллекциям кѳпшиликтиң нәзерине түсти. Дубай халықаралық Мода ҳәптелигине жерлесимиз жас дизайнер-ѳнермент Дилназ Адилчаева менен қатнасып келдим. Бул бизлердей жас талантлар ушын үлкен жетискенлик еди.
Халқымның экологиялық машқаласы жас жүрегимди қыйнап, ақыры ол ѳз коллекцияларым арқалы ѳзгелерге де жетип барды. Буннан жүдә қуўанышлыман. Мен буның менен тоқтап қалмақшы емеспен. Алға қойған мақсетлерим жүдә кѳп. Инсанға берилетуғын ўақыт қысқа. Бәрине үлгериў ушын тынымсыз изленисте, үйрениўде болыўың керек. Маған бундай нәтийжелерге ерисиўимде ата-анамның, устазларымның үлеслери кѳп. Олардан жүдә миннетдарман, – дейди Индира биз бенен болған сәўбетте. Ол ҳеш қашан ѳз үстинде ислеўден тоқтаў дегенди билмейди. Сондай-ақ IT тараўын үйренди. Индира орыс, англичан тилин жақсы ѳзлестирген. Бос ўақытларында кѳркем гимнастика ҳәм тоқыўды үйренди.
Бул қыз ким? – десеңиз ол ҳаққында жақыннан таныстырып ѳтейик. Индира Жумабаева бүгинги күни «Ѳнерли жигит-қызлар» (Бурынғы «Иффатли келин») оқыў орайын басқарады. Бул жерди кеңейтиў ушын 19000 АҚШ доллары муғдарындағы грант жеңимпазы болды. Соның менен бирге ҚМУ дың студенти. Индира 2001-жыл Тақыятас районында туўылған. 2016-жылы Нѳкис қаласындағы 36-санлы мектепти жақсы баҳалар менен тамамлаған. НМПИ жанынд
ағы академиялық лицейде оқыған.
Лицейде оқып жүрген пайытларынан баслап ол ѳзиниң эскизлери ҳәм миллий липаслар дизайнлери менен бир қанша кѳргизбелерге қатнасып, сертификатлар алған.
Бүгинги күни жаслар мәселеси мәмлекет сиясаты дәрежесине кѳтерилди. Әсиресе, елимиз Президенти тәрепинен жасларға, олардың билим алыўлары, ѳнер үйрениўлери ушын кең имканиятлар жаратып берилип атыр. Жасларымызды жаңа Ѳзбекстанның келешеги, сүйениши, таянышы сыпатында ҳүрмет-иззетке бѳлеп, олар менен бәрқулла мақтанып келемиз. Усындай имканиятлардан пайдаланып, ҳәр тараўда үлкен-үлкен табысларға ерискен жасларымыздың саны ҳәр күни асып атырғанын интернет тармақлары, телевидение арқалы кѳрип барып атырсызлар.
Индираның да аўыз толтырып айтатуғын жетискенликлери жүдә кѳп. Ол «Нафосат-2021» фестивалының республикалық басқышында жас дизайнер сыпатында жақсы нәтийжеге еристи. 2019-2020-жыллары исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған «START UP – ташаббуслары» дәстүрине қатнасып, «Бәнтлик ҳәм мийнет» мүнәсибетлери министрлиги тәрепинен БМШ раўажландырыў бағдарламасы Россия Федерациясы ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылған «MED ID» жойбарында 1-орынды ийеледи ҳәм 50 миллион сум пул ҳәм сертификат пенен сыйлықланды.
2021-жыл «Silk Road» мода фестивалында 1-орынды алды. 2022-жыл «Исбилермен ҳаял» таңлаўында «Ең жас исбилермен» номинациясы жеңимпазы, 2022-жылы «Осия рамзи» Ѳзбекстан дизайнерлер шѳлкеминиң 60 саатлық оқыў курсына қатнасып, серфикат алыўға еристи.
2022-жылы Қазақстан Республикасында ѳткерилген «ASPARA Fashion week» модалар фестивалынанда сертификат пенен қайтты.
Қарақалпақстанда ѳткерилген кѳплеген мода кѳргизбелерине қатнасып, қатарлары арасында бир қанша танылып үлгерген дизайнер.
– Қай жерде фестиваль, конкурс болса қатнасып жүрип, билим алыўдан, үй жумысларын ислеўден (ертеңги қуратуғын шаңараққа таярланып, келин болыў ушын кѳп нәрселерди билиўиң керек) бос қалып атырғаның жоқ па? – дегенимде Индира мениң берген сораўларыма ойланып отырмастан жуўап қайтарды.
– Шаңарақта үш перзенттиң үлкенимен. Сол ушын анамның ең жақын жәрдемшисимен. Анам да белгили исбилермен. Оның ўақты жоқ. Сол себепли инимниң ѳзи қызыққан математика тараўы, сиңлимниң журналистика бағдарына болған қызығыўшылығы бойынша қосымша үйрениўлерине имканият жаратып беремиз. Байрамларда шаңарағымыз ағзаларын ѳзим писирген торт, мазалы печеньелерим менен қуўанта аламан. Ҳәр күнги ўақтымды режелестирип қойыппан. Оқыў, жумыс, басқа қосымша ислериме үлгериўим шәрт. Анам басқарған бурынғы «Иффатли келин» оқыў орайының атын «Ѳнерли жигит-қызлар» деп ѳзгерттик. Бул жерде 30 курс шѳлкемлестирилген. Олардың бәрине итибарлы болып, жол-жоба бериўге де ѳзиңде тәжирийбе болыў керек.
Кѳп оқып, кѳп излениў ғана инсанды кѳклерге кѳтереди. Ҳеш бир адамның мақсетсиз болыўын қәлемес едим. Алдыңа мақсет қойып жасасаң ғана ҳәр күнги ислеримизди аңсат ғана жолға қойып аласаң.
Оннан қалса инстаграммда «Индира PAGE» деген каналымды ашып қойыппан. Онда 9 мың 500 ден аслам ағза бар. Оларды зериктирмей, ҳәр күни жаңа хабарлар менен толықтырып барыўдай жуўапкершилик турыпты.
Блогер болыўдың да аңсат емеслигин билемен.
Келешекте Италияға барып ѳз кѳргизбемди ѳткериў алдыма қойған мақсетлеримниң бири. Италия моданың ўатаны.
Мине, 21 жаслы жас дизайнердиң бизге айтқан гәплерин сизлерге де жеткерип атырман.
Ол Ѳзбекстанда ѳз брендине ийе дизайнер ҳәм актёр Шахзода Мухаммедованың қарақалпақстанлы 1-шәкирти. Ѳз тараўын үйрениўден шаршамайтуғын жас дизайнер, исбилермен Индира Жумабаеваның ата-аналары Зәрипбай Палекеев, Назлы Мәмбетоваларға усындай перзентти тәрбиялағаны ушын рахмет айтсақ арзыйды.
21 жасар дизайнер Индираның келешегинен үмитимиз кѳп. Оның алдағы жетискенликлери туўралы да сиз оқыўшыларды хабардар етип барамыз.
А.ТУРЕКЕЕВА.
