ТЫНЫМСЫЗ ИЗЛЕНИСЛЕР НӘТИЙЖЕСИ

Шоқ балалық дәўир инсан өмиринде айрықша орын тутады. Инсанның балалық дәўиринде-ақ, келешекте ким болары мәлим болады. Ата-бабаларымыз «Болар бала бес жасынан белгили», – деп бийкар айтпаған. Қылышбайдың балалық дәўири оғада қызықлы ҳәм қуўанышлы ўақыяларға бай болды. Анасы – Захира Хожанова Хожели районлық 5-санлы Т.Г.Шевченко (ҳәзирги 29-мектеп) мектебинде муғаллим болып ислегенликтен, баласын сол мектепке оқыўға берди.
Оқыйтуғын мектеби үйине жақын. Анасы мектептеги «Жас ҳәўескерлер» дөгерегин басқаратуғын болғанлықтан, мектепте өткерилген ҳәр бир илажды, байрамларды қалдырмастан көрип барған Қылышбайдың көркем өнерге деген қызығыўшылығы арта баслады.
Жоқары классқа өткенинде, анасының оқыўшыларды таярлағанына қызықсынып, өзиниң қатнасқысы келип жүргенин анасына айтқанында анасы жүдә қуўанып қалды. Өткерилген кешелерде, байрамларда, қосық айтып, саз шертип, сахналық көринислерде рольлер ойнап, тез арада мектеп оқыўшыларының арасында көзге түсти.
Баласының бул талантын сезген анасы – Захира апа баласын 1986-жылы Жапақ Шамуратов атындағы көркем өнер билим журтына оқыўға берди. Бул оқыў орнын табыслы тамамлап, 1990-жылы жоқары мағлыўматлы болыў мақсетинде, Ташкент мәмлекетлик Консерваториясына оқыўға түседи.
Қ.Қарлыбаев өз мийнет жолын студентлик дәўиринен баслап-ақ, Өзбек мәмлекетлик филармониясы М.Кори-Якупов атындағы миллий саз әсбаплары артисти болып ислеп баслады. Республика көлеминде өткерилген таңлаў, фестиваль ҳәм байрам кешелеринде қатнасып, жоқары нәтийжелерге ерисиў менен бирге, жәмийетлик жумысларда да белсене қатнасып келди.
Сондай-ақ, басқа еллерде сапарларда оркестр қурамында қатнасып, жоқары жетискенликлерди қолға киргизди.
Консерваторияны табыслы тамамлап, Жапақ Шамуратов атындағы көркем өнер билим журтына демли ҳәм урып шертетуғын әсбаплар бөлиминде устазлық етти. Колледж оқыўшы жасларына музыка сырларын үйретиў менен бирге, оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда мүнәсип үлесин қосты.
Усы дәўир ишинде Бердақ атындағы музыкалы театрдың оркестр қурамында мийнет етти. 2006-жылдан баслап Хожели районындағы 5-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде директор лаўазымына тайынланды.
Қ.Қарлыбаев басшылық еткен жыллардан баслап музыка мектебинде бир қанша жетискенликлерге ериспекте.
Атап айтқанда 2015-2022-жыллар аралығында болып өткен көркем өнер, халық сазлары, сүўретлеў өнери, бақсышылық бөлими, ойын өнери, фортепиано, үплеп шертиў, кестешилик, эстрада бағдары бойынша республикалық басқышта 1-2-3-орын жеңимпазлары болды. Мектеп режеси бойынша ҳәр жылы Наўрыз, Ғәрезсизлик байрамы, 8-март – Ҳаял-қызлар байрамы, Устазлар ҳәм муғаллимлер күни, Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, 1-июнь – Халықаралық балалар күни, бөлим концертлери, жыл жуўмағындағы есап бериў концертлерине тиккелей өзи басшылық етеди. Жоқарыдағы жетискенликлер өзинен-өзи болмады. Әлбетте, буның тийкарында устазлардың оқыўшылар менен тынымсыз излениўи менен мийнетлери жатады.
Музыка мектебинде еки хор (үлкен ҳәм киши) жәмәәти, халық сазлары әсбаплары оркестри, «Хожа бала» дуўтаршылар ансамбли, «Гүлпарий» ойын-өнери топары, «Қуяш балалары» эстрада қосықшылығы, «Қарс» эстрада атқарыўшылығы топары мектеп филармониясы режели түрде ис алып барыўын қадағалап барады. Ҳәр бир бөлимниң ең жақсы номерлерин Қарақалпақстан телевидениеси тәрепинен көрсетилип, халыққа усынып турылды.
Қылышбай мектепке басшылық еткен дәўирде педагогикалық жәмәәтте интизамның болыўына, алдынғы муғаллимлердиң ис тәжирийбелерин ен жайдырыўға, оқыўшылардың билимли ҳәм тәрбиялы болып жетилисиўине айрықша итибар берди.
Атап айтқанда ҳәр бир муғаллимниң жаңа сабақ дәстүрлерин терең меңгерип, өз үстинде тынбай изленип, оқыўшыларды ҳәр қыйлы сабақ усыллары менен қызықсындырып, олардың көркем өнерге, музыкаға деген сүйиспеншилигин арттырып барыў ушын сабақ өтиўдиң жаңа усылларын қолланыўын үрдиске айландырып барды. Ата-аналар менен ислесип, оқыў ҳәм тәрбия жумысларында ушырасатуғын айырым машқалаларды олар менен бирге өз ўақтында шешти. Өзи басшылық еткен мийнет жәмәәтинде беккем аўызбиршиликти сақлап, ҳәр бир муғаллим қатаң жуўапкершиликте өз шәкиртлери менен ислесиўди талап етеди.

Мектеп муғаллимлери ҳәм өз шәкиртлерине ҳәмме ўақыт елимизге, халқымызға ҳадал хызмет етиўге, Ўатанымыздың мәртебесин көтериўге, бир-биреўге меҳир-мүриўбетли болыўға, инсанларға жәрдем қолын созыўға миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлеримизди қәдирлеп сақлаўға, ата-анасын ҳүрмет етиўге, досларына садық болыўға, әсиресе, ҳеш ўақытта ўатанға, досқа қыянет етпеўге, тек ғана қолларынан келгенше, дүньяға жақсылығын таратыўға шақырады. Себеби, музыкаға ықлас қойған жаслардан ҳеш ўақытта жаманлық шықпайды.
Ең қуўанышлысы, жақында усы жәмәәттеги устаз-педогог А.П.Сим 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Қ.Қарлыбаев өзи жасап турған мәҳәллесинде ҳәм мектеп жәмәәти арасында жасларды мийнет сүйгишликке, жасы үлкенлерге ҳүрмет көрсетиўде ҳәммеге өрнек болып келмекте.
Буның нәтийжесинде, көплеп инсанлардың алғысларына миясар болмақта. Қ.Қарлыбаевтай кишипейил, мийнеткеш ҳәм ақкеўил инсанлардың қатары көбейе бериўин тилеймиз.
Қ.ХУДИЯРОВА,
Хожели районы, 29-мектептиң муғаллими.