КӘСИП ПИДАЙЫЛАРЫ КӨБЕЙЕ БЕРСИН

Кәсиплик аўқамы шѳлкеми – мийнеткешлердиң мәпин қорғаўы менен айрықша ѳз орнына ийе. Биз қайсы тараўда жумыс ислесекте усы шѳлкемге ықтыярлы түрде ағза болып тийисли имканиятлардан белгиленген тәртипте пайдаланыўымызға, ҳуқық ҳәм мәплеримизди қорғаўымызға болады.
Кәсиплик аўқамы шѳлкеми ағзалықта болған барлық мәкеме ҳәм кәрханалардағы басланғыш шѳлкем басшылары менен мудамы бирге. Олардың емин-еркин мийнет етиўлери, саламатлығы ҳәм дем алыўы жәмәәтлик шәртнамада кѳрсетилген. Соның менен бирге басланғыш шѳлкем басшысы есабат берип барады.

Әсиресе, ҳәр бир тараўдың кәсиплик байрамында олардың қуўанышларын бирге бѳлисип, ѳз қутлықлаўы менен келиўи де жүдә жарасымлы. Президентимиз Ѳзбекстан Кәсиплик аўқамы Федерациясының 2020-жылы болып ѳткен VIII Қурылтайы қатнасыўшыларына жоллаған байрам қутлықлаўында 11-ноябрьде Ѳзбекстан кәсиплик аўқамлары күни етип белгилеў усынысын билдирип, «Ѳзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында» нызам қабыл етилген. Бул жаңалықты елимизде кәсиплик аўқам ағзалары айрықша қуўаныш пенен күтип алды. Солай етип еки жылдан берли 11-ноябрь Кәсиплик аўқамлары күни болып белгиленип келинбекте.

Усы байрам мүнәсибети менен жақында Ѳзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик шѳлкеми республика Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шѳлкемлестириўшиси Жеңисбай Аяпов «Ўатан пидайысы» кѳкирек нышаны менен сыйлықланды. Әлбетте, пидакерлик ҳәм пидайылық кѳп ўақытлар ҳәм жылларды ѳз ишине алады. Жыллар даўамында ислеген ийгиликли ислерин ўақты келип ѳз баҳасын алады. Ж.Аяпов Әжинияз атындағы Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институтын мийнет, кѳркем-ѳнер ҳәм сызыў пәни оқытыўшысы қәнигелиги бойынша тамамлап, 1999-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары кеңесине жумысқа араласқан. Шерек әсирге шамалас ўақыт Кәсиплик аўқамы Кеңесиниң жуўапкерли жумысларын инабатлы атқарып келмекте. Ол жәмәәтинде әлле қашан-ақ ѳз искерлиги менен бир неше мәрте итибарға ерисиўге миясар болып киятырғанынан хабардармыз. Яғный Ғәрезсизлигимиздиң 25 жыллығы кѳкирек нышаны, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўиниң ағласы нышаны ҳәм кәсиплик байрамы белгилениўи 1 жыллығы мүнәсибети менен Федерация кеңеси тәрепинен «Ихтиро» кѳкирек нышаны менен сыйлықланды.
– Кәсиплик аўқам шѳлкеми-пуқаралардың ѳз мийнет жолы яки оқыўы бойынша улыўма кәсип мәплери менен байланыслы болған, олардың мийнетке тийисли басқа социаллық-экономикалық ҳуқық ҳәм мәплерин белгилеп ҳәм қорғаў мақсетинде дүзилетуғын, ѳз уставы тийкарында хызмет кѳрсететуғын ықтыярлы жәмәәт бирлеспеси. Жумыс бериўши менен жумыс ислеўши ортасында барлық нормалар белгиленип, соған әмел етиўи тийис. Ҳәр бир жумыс ислеўши белгили дәрежеде ѳз шаңарағының бағыўшысы да есапланады. Хызметимиз барысында түрли тараў ўәкиллери ҳәм мийнет түрлери менен жақыннан танысамыз. Базыда айырым ушырасып туратуғын машқалалардың шешимин табыўға ҳәм қыйыншылықларда ҳуқықый жол- жоба кѳрсетип барыў баслы мақсетимиз болып есапланады.
«Ўатан пиайысы» кѳкирек нышаны тек маған ғана берилген итибар емес, ал пүткил жәмәәтиме берилген үлкен ҳүрмет-итибар деп билемен, – дейди Жеңисбай Аяпов.
Сондай-ақ, бул жәмәәт усы жылы «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» ис-илажларына муўапық ҳәм кәсиплик аўқамларының устав талаплары, функционал ўазыйпаларынан келип шығып 10 ай даўамында исленген жумыслары ҳәм олардың алдында турған әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпалары ҳаққында баспасѳз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери менен брифинг ѳткерип, мәлимлеме берди. 2022-жылдың 10 айы даўамында жәми 398 кәрхана 6438 ислеўши пуқаралар кәсиплик аўқамы ағзалығына қабыл етилди.

Жақында «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси» таңлаўының Ѳзбекстан Республикасы басқышы қатнасыўшысы Жамила Аметова Қоңырат районы Қарақалпақстан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси 30 миллион сум менен сондай-ақ, таңлаўлардың Ѳзбекстан Республикасы басқышының екинши орын жеңимпазы «Ең жақсы жаслар жетекшиси» Улбосын Мәмбетярова 2-орын жеңимпазы Президент саўғасы «Кобальт» автомобили менен ҳәм «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» таңлаўының Ѳзбекстан Республикасы басқышының 1-орын жеңимпазы Н.Нурымбетова Президент саўғасы «Жентра» автомобили менен сыйлықланды. Таңлаўлардың Ѳзбекстан Республикасы басқышының 1 ҳәм 2-орынды ийелеген жеңимпазларымыз автомобиль гилтлерин 11-ноябрь күни Ташкент қаласында Ѳзбекстан кәсиплик аўқамлары сарайында байрам салтанатында тапсырылыўы да үлкен жаңалық болды.
Мийнет мүнәсибетлеринде ҳәммеге бирдей болған кәсиплик аўқам жумысларына еле де табыслар тилеймиз. Тилегимиз Жеңисбай Аяповтай кәсип пидайылары кѳбейе берсин.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Ѳз хабаршымыз.