– Ойландым, ойластым, соңында өз бәнтлигимди ѳзим тәмийинлеўге еристим. – Қалай сонда?
– Кәсибим де, ѳнерим де бар. Бирақ, имканият жоқ. Бир күни анам Сулыўхан Досназарова екеўимиз, 30-санлы мәкан пуқаралар жыйынына барып, жаслар жетекшиси Айнат Уснатдиновқа жолығып, жумыс пенен тәмийинлениўиме мүмкиншилик бар ма,– деп жағдайымды айттым. Ол да яқ демей, имканият табамыз деп анам екеўимизди қуўандырды.
Арадан кѳп ўақыт ѳтпей, жақсы хабарды алдым. Тап сол күни анамның туўылған күни еди, бул хабард
ы еситип жуўырып бардым…
13-сентябрь. Бул сәне мениң кѳптен әрман еткен ҳәм келешек режелеримниң жаңа қәдеминиң басланған сәнеси болды, – дейди Римма Аманиязова.
Римманың қуўанып сѳйлеўлерине, ойланып қаласаң. Аўа-да кәсип ийелесең, ѳнер үйренсең, бири болмаса, бири инсанның мәнзилин белгилейди екен.
Бүгин Римма субсидия тийкарында ѳз бәнтлигин ѳзи тәмийинлеген жаслардың бири. «Жаслар дәптери»ндеги қызымызға тигиў машинасы менен аверло берилип, ѳз кийимлерин тигип, буйыртпалар алып, шаңарағына дәрамат киргизиўге еристи.
– Қарыйдарлардың талабы нелерге күшли? дегенимде; былайынша айтқанда апа, ҳәзир ҳәмме «дизайнер» үйлерине жақсы қарайды, перде тиктириўге буйыртпа кѳп, қуда қәлесе қарыйдар кеўлинен шығып, алғысларын алыўға ерисемен, – дейди Римма Аманиязова.
Жақсы истиң басында, жаслар болар қасында деп биз де Римманың келешек режелери иске асып, «Римма» тигиў цехы иске түсиўин өз қатарлы досларын жумыс пенен бәнт етип, дәўир исбилермени болып жетилисиўин тилеймиз.
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
Арнаўлы хабаршымыз.
Сүўретте: Р.Аманиязова.
