СОЦИАЛ-ЭКОНОМИКАЛЫҚ КӨРСЕТКИШЛЕР

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ

Шымбай районы бойынша 2022-жыл 1-октябрь айы жағдайына бола 141 санаат кәрханалары мәмлекетлик дизимнен өткен. Олардан 1134 кәрхана ҳәрекет етип келмекте. Жыл басынан 26 санаат кәрханалары жанадан дизимнен өтти. Усы жылдың январь-октябрь айларында районда 192 млрд 554,1 млн. сум санаат өнимлери ислеп шығылды. Өсиў дәрежеси өткен жылға салыстырғанда 98,7 процентке соннан халық тутыныў товарларын ислеп шығарыў 114 млрд 963,9 млн. сум болып, бул өткен жылға салыстырғанда 110 процентке өсти. Және де басқа тараўлар бойынша атап өтсек хызметлер бойынша 226 млрд 309,5 млн. сум. Бул өткен жылға салыстырғанда 110,8 процентке, саўда тараўы бойынша 264 млрд 081,2 млн. сум өсиў дәрежеси 110,5 процентке, қурылыс тараўы бойынша 95 млрд 827,2 млн сум өткен жылға салыстырғанда 116,6 процентке өскен. Киритилген инвестиция 202 млрд 438,1 млн сум бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 144,2 процентке өскенликлерин атап өтсек болады.
Фархад Еримбетов,
Шымбай районы статистика бөлими баслығы.

ҚАНЛЫКӨЛ РАЙОНЫ

Мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Аўыл хожалығында егинлерден мол ҳәм сыпатлы өним алыў, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, заманагөй техникалар менен тәмийинлеўге өз алдына итибар қаратылмақта. Әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде 2022-жыл январь-сентябрь айларында көрсеткишлер көлеминиң өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда бирқанша асқанын көремиз.
Қанлыкөл районында, 2022-жылдың январь-сентябрь айларында санаат тараўында 263,0 млрд. сум, 2021-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 106,0 процент, қурылыс тараўында 160, 0 млрд. сум, 2021 жылдың усы дәўирине салыстырғанда 134,7 процент. Базар хызметлери тараўында 108.1 млрд сум, 2021-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 101.1 процентке асқанлығын көремиз. Аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы тараўында 332,9 млрд сум, 2021-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 109,3 процентке, экспорт (млн. АҚШ доллары) тараўында 10.6 млрд сум, 2021 жылдың усы дәўирине салыстырғанда 88.6 процент, импорт (млн.АҚШ доллары) тараўында 0.9 мың сум, 2021-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 88.6 процентти қурайды.

Аймурат ЮСУПОВ,
Қанлыкөл районы статистика бөлими баслығы.