ШОМАНАЙДА БИР МЕКТЕП БАР…

Расын айтсам, Шоманай районындағы 7-санлы мектепке ушырасыўға мирәт етилгенимде, әдеттеги ушырасыўлардың бири деп ойлаған едим. Бирақ, ѳзлеримиз күтпеген кеше болды. Илгери жыллары Ѳзбекстан кѳлеминде «Жыл ҳаялы» таңлаўы жеңимпазы атанып, Ташкенттен автомашина минип қайтқан Тамара Қанлыкличева басшылық етип атырған мектеплердегидей китапқа, жазыўшылар менен ушырасыўға қумар оқыўшыларды басқа мектеплерде ушыратпадым. Олар ҳә дегеннен ушырасыў мийманы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов пенен бирге кешеге қатнасқан бизлер – «Қарақалпақстан жаслары» газетасы редакторының ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Арыўхан Турекееваларды сораўларға кѳмип таслады. Китапты уғып оқыйтуғын баланың сораўы ҳеш қашан үстиртин болмайды. Олар Муратбай аға ѳзи жазғанындай мектепте арасында үш баҳасына оқып, қалай атақлы жазыўшы болғаны, жақсы шығарма жазыў ушын жаман шығармаларды да оқыў керек деген пикири ҳәм оған ѳзи қалай әмел ететуғыны, баспадан шықты деп айтылған китаплар мектеп китапханасына келмей атырғаны сыяқлы нық-нық етип берген кѳп сораўларына жуўап алғанша, сораўдан сораўлар балалап кете берди. Әсиресе, Аллаяр Жумағулов, Дилназа Тоқтамысова, Гүлназ Айтмуратова ҳәм басқа да кѳплеген оқыўшылардың биз ойламаған сораўларды бериўи ҳәммемизди ҳайран қалдырды. Ең қызықлы сораў берген оқыўшыларға жаңадан баспадан шыққан китапларымыздан саўға еткенимизде қуўанғанларына бизлер де толқынландық. Мектеп жәмәәти быйыл Опен бюджеттен оқыўшыларға миллий кийим ушын қаржы утып алыпты. Қарақалпақтың шылт жаңа миллий кийимлеринде концерт бағдарламасын атқарған оқыўшылар кимди болса да сүйсиндиреди. Олар М.Нызанов шығармаларынан сахналық кѳринислерин берилип ойнаўы, таңлап-таңлап ядлаған қосықларын тақмақлап кәмине келтирип айтыўы, дуўтар намалары, аяқ-ойынлары бәри-бәри бул мектептен күшли талант ийелери шығады деген үмит оятты. Және бир жағдай, мектеп залы киши болғанлықтан, кешеге қатнасыў имканияты болмаған оқыўшылардың жылағанлары, олардың ата-анасының мектеп директорына қоңыраў етип дәллесиўлери бизлер қайтаман дегенше тыншымады. Әсиресе, қайтқанымызда изимизден директор қоңыраў етип, Зулфиқумар Шаншарбаева деген қыздың кемпир апасы бурын ишки ислерде ислеген, бүгинги күни 75 жастағы Жақсыбийке Мәмбетлатипова кешеге кире алмаған ақлығын машина менен алып киятырғанын, тоқтап сол қыздың сораўына жуўап берип, оның менен сүўретке түспесек, қызды жубата алмай атырғанын айтып, сәл еглениўимизди ѳтиниш етти. Бундай ықласқа қалай егленбессең!

Изимизден жеткен 5-класс оқыўшысы Зулфиқумардың сораўларына Муратбай аға асықпастан жуўапларын берди. Бирге сүўретке түстик. Қыз бенен әңгимелескен бизлер усындай қызығыўшы оқыўшыларды тәрбиялап атырған мектеп жәмәәтине, әсиресе, қарақалпақ тили пәни муғаллими Тотия Жақсымуратованың ислерине қайыл қалдық. Келешекте бундай кишкене китапқумарлар арасынан кѳплеп кәмил инсанлар жетилисер деп қайттық.

Пердегүл ХОЖАМУРАТОВА.