Мектебимиздиң дѳретиўши оқыўшылары дѳретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы муғаллимимиз З.Абдиниязова менен Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейине саяхатқа бардық. Музей директоры Шәригүл апа Пайзуллаева республикамызда ҳәр жылы ноябрь айының соңғы ҳәптелиги Бердақ бабамыздың туўылған күни сыпатында кеңнен белги
ленип киятырғанлығы, шайырдың шығармаларының кеңнен үйренилиўлери бойынша айтып берди. Оннан соң биз оқыўшы жаслар музей экспонатлары менен таныстық.
«Тарийхсыз-ѳтмиш жоқ» дегендей неше бир әсирлерден саза бериўши экспонатлар бизлерде ѳзгеше заўық қалдырды. Әсиресе, Бердақ бабамыздың ийнине кийген шапаны, сол дәўирдеги кийимлер ҳәм буйымлар оқыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.
Саяхаттан билим ҳәм руўхый азық алып мәдений дем алдық.
Азиза ОРАЛБАЕВА,
Нѳкис қаласы, 23-мектеп оқыўшысы.
