«Өсиргеним гүл мениң» деп «Гүбелек» қосығын айтқан ўақытларымызды еске түсиргенимизде, бәршемиз бахытлы балалыққа саяхат еткендей боламыз. Қосық авторы, балалардың сүйикли шайыры, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Халмурат Сапаровтың 90 жыллығы Республикамыз бойлап кең түрде белгиленбекте. Усы сәнеге бағышланып жақында пайтахтымыздағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде әдебий кеше болып өтти.
Болып өткен әдебий кешеде шайырдың қызы, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының арнаўлы хабаршысы, «Алтын қәлем» миллий сыйлығы ушын өткерилген Халықаралық таңлаўдың жеңимпазы Гулайым Сапарова, шайырдың көп санлы шәкиртлериниң бири, «Қарақалпақстан жаслары» газетасының арнаўлы хабаршысы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Шүкирбай Сийпатдинов, Қарақалпақстан радиоканалы журналисти Қумар Даўлетназаровалар мийманда болды.
Әдебий кешени мектеп директоры Гүлистан Жиемуратова кирис сөз бенен ашып, шайырдың балалар ушын бай әдебий мийрас қалдырып кеткенлигин айтып, келген мийманларға өз миннетдаршылығын билдирди. Буннан соң шайырдың қызы Г.Сапарова әкеси ҳаққында жақсы еслеўлерди оқыўшыларға айтып берди.
– Өз өмиринде балалар ушын жигирмалаған қосықлар топламын жазып кеткен шайырдың мийнет жолы «Қарақалпақстан жаслары» газетасы менен тығыз байланыслы болып, газетамызда 45 жыл даўамында мийнет етти. Соң өмириниң ақырына шекем «Жеткиншек» балалар ҳәм жас өспиримлер газетасында ислеп, балаларға қосық жазыўда бағдар берип, устазлық етти. Устазымыз сондай ҳақкеўил, талапшаң, баладай кеўли таза инсан еди, – деп еске түсирди журналист Ш. Сийпатдинов оның жақсы пазыйлетлери ҳаққында сөз етип.
Әдебий кеше мектебимиздеги талантлы балалардың атқарыўында шайыр жазған нама қосықларынан дүзилген концерт бағдарламасы менен даўам етти. Концерт бағдарламасында оқыўшылар шайыр қосықларынан айтып, аяқ ойынлар ойнап, сахналық көринислер қойып берди.
Әдебий кеше есте қалғандай жоқары кейпиятта өткерилди.
Г. Турдышова,
Нөкис қалалық 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң үгит-нәсиятшысы.
