«АНА ТИЛИМ СЕН БАСҚАДАН АЙЫРМАМ»

Ҳәр бир адамның сөйлер сөзи оның ой-пикириниң көриниси ҳәм кеўил сарайының айнасы. Жәмийетлик орынларда ҳәм бийтаныс жерлерде сөйлер сөзиң көпшиликтиң арасынан өз орныңды белгилеп бериўи мүмкин. Сондай-ақ, тил-миллет мәдениятының айнасы. Ҳәр бир халықтың ана тилинде оның миллий дәстүрлери, үрп-әдетлери, сана-сезими, пикирлеў дүньясы ҳәм минез-қулқы ѳз кѳринисин табады. 1989-жылы 1-декабрьде Қарақалпақ тилине тил бийлигиниң берилиўи менен ол жәмийетимизде ѳзиниң нызамлы орнын табыў имканиятына ийе болды. Соннан берли ѳткен 33 жыл ишинде тилимиздиң раўажланыў барысында кѳплеген унамлы ѳзгерислер жүз берди.
Мине усы тийкарында мектеплерде жоқары орта арнаўлы кәсиплик билим бериў орынларында оқыў қарақалпақ тилинде алып барылмақта. Ҳүжжетлер ѳз ана тилимизде жүргизилип атыр. Барлық ийгиликли пазыйлетлер инсан қәлбине, ең әўели ана ҳәййиўи, ана тилиниң тәкирарланбас гѳззаллығы менен сиңеди. Ана тили бул миллеттиң руўхы. Қарақалпақ тили-қарақалпақ халқының миллий тили болып, бизиң бийбаҳа, мақтанышлы мийрасымыз болып есапланады.

Бийбихан
ТЕМИРХАНОВА,
Қанлыкѳл районы. 17-санлы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.