ЖЫЛЫТЫЎ МӘЎСИМИНДЕ ИТИБАРЛЫ БОЛАЙЫҚ

Тақыятас районы Айрықша жағдайлар бөлими Тақыятас районы аймағында өрттиң алдын алыў бойынша район аймағында алып барылып атырған профилактикалык ҳәм үгит-нәсият жумысларына қарамастан ҳәр түрли насаз электр үскене ҳәм тәбийғый газ үскенелеринен пайдаланып өрттиң келип шығыўына себепши болмақта. Газ плиталарын түнги ўақытлары жағып койыў жуўылған кийимлерин газ үскенеси үстине кептириў ушын жайып койыў жағдайлары ҳәм де жарамсыз резина шланга арқалы жалғап пайдаланып атырғанлар көп ушырамакта. 2022-жыл 11-ай даўамында район аймағында 18 орында өрт жүз берген болса усылардыӊ көпшилиги өртке итибарсызлық пенен қараўы ҳәм жас өспирим балаларды үйлерде жалғыз қалдырып балалардыӊ шырпы менен ойнаўы, электр ток үскенелериниң қысқа тутасыўы, өртке итибарсызлык пенен қараўы ақыбетинде өрт пайда болып, бул өрт нәтийжесинде бир қанша материаллық зыянлар келмекте.
Тақыятас районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери газ, электр кәрханасыныӊ хызметкерлери менен биргеликте жеке меншик ҳәм қөп қабатлы турақ жайлардыӊ өртке қарсы жағдайын көзден өткериў бойынша рейдлер шөлкемлестирилмекте. Тилекке қарсы, айырым пуқаралар өрттиӊ алдын алыў қәделерин орынламай, итибарсызлыққа берилип өрттиӊ келип шығыўына жол қоймакта.
Ҳүрметли пукаралар өрт болған орында бир қанша материаллық зыян ҳәм бахытсыз ҳәдийселер жүзеге келеди. Сонын ушын ҳәр биримиз Айрықша жағдайлардыӊ алдын алсақ ҳәм булжытпай орынласак өрттиӊ алдын алған боламыз. Өртти өширгеннен көре оның алдын алған абзал емеспе, усы қыс айларында өртке итибарсызлык пенен қарап итибарсыз болмайық.
Р.Г.Худайбергенов,
Тақыятас районы, АЖБ қәнигеси аға сержант.