БАЛАДАЙ САДА ҲӘМ АҚ КЕЎИЛ АҒАМЫЗ ЕДИ

Балалықта оқыған қосықларың бир өмир есиңде қалады екен. Екинши класстың “Ана тили” китабында (1958-жылғы) Дәли Назбергеновтың “Мен оқыйман” деген қосығы бар еди.

Қолыма китап, дәптер алып,
Класыма ерте барып,
Сабағымды оқып қанық,
Ықлас пенен мен оқыйман.

Көптен артта ҳеш қалмайман,
Сабақтан жалқаў болмайман,
Тәртипсизлик ис қылмайман,
Ықласланып мен оқыйман.
Усы қосықтың ядымда қалғанына 64 жыл болыпты. Оны ўақты-ўақты қайталап оқып та жүргеним жоқ. Бирақ, шырт уйқыдан оятып сол қосығыңды айтып бер десе, иркилмей айта аламан.
Дәли атамыздан кейин бундай төгилип келген уйқасқа бай балаларға арналған қосық ушырамады. Сонлықтан ба, тап жақын жылларға дейин усы қосық сабақлықлардан түспей жүрди. Еле де ол өз қунын жойтқан жоқ.
Арадан онлаған жыл өтип балалар әдебиятында Халмурат аға Сапаров пайда болды. Бул ўақытлары бизлер мектеп питкерип кеткен едик. Балаларға арналған қосықты тек балалар оқып қоймайды. Үлкенлер де оқыйды. Кеўлине унап қалса олар да ядлап алады.
Халмурат ағаның “Гүбелек” қосығын композитор Ғаний аға Аманиязовтың “дирижерлығында” институтта хор болып, намаға салып айтқанбыз.
Өсиргеним гүл мениң,
Тур едим суў себелеп,
Қайдан келди билмедим,
Гүлиме қонды гүбелек.

Ашыўланып қышқырсам,
Келмейди ҳеш кәрине,
Биреўинен ушырсам,
Қонып шықты бәрине.
Изинде “лә-лә-лә” деген қайырмасы да бар.
Ақсақалдың “Ойнамайман” деген қосығы тап Дәли Назбергеновтың жоқарыда мысал алған қосығындай есилип келген уйқас пенен жазылған.
Ағам салған жайлар бийик,
Қояр оған отын үйип,
Сәл жерде кетер от тийип,
Шырпы менен ойнамайман.

Үйимиздиң алды көше,
Машиналар өтер неше,
Биреў ойнайық, кел десе,
Жол үстинде ойнамайман.
Аўыл адамлары қыста тоғайдан бир тележка жыңғыл алдырады. Отынның қәдир-қымбаты өткен байғуслар жыңғылды биримлеп әперип тамбасынға жыйнатады. Әне, оның қәдирине кишкене балалар да түсинип, “ шырпы менен ойнамайман” дегени үлкен тәрбиялы гәп.
1964-65-жыллары “Жас Ленинши” (ҳәзирги “Қарақалпақстан жаслары”) газетасына қосықлар әкелип туратуғын едик. Ол гезде мектеп оқыўшысыман. Сонда газетадағылардың ўақты-ўақты “Халмурат қайшылы” деген гәпин еситип қаламан. Ол жыллары миллет сорасыў, руў сорасыў жүдә айып еди. “Неге енди Халмурат ағаны руўы менен атайды екен?” деп жүрдим көпке дейин.
Кейин билсем, Халмурат аға газетада жуўаплы хаткер болып ислейди екен. Газетаны макетлестирген ўақытта сыймай қалған мақаланы “қайшылап” қысқартады. Сол екен “қайшылы” болып жүргени.
Умытпасам 1965-жылы болыў керек, Халмурат ағаның “Қурқылтай” деген реңли сүўретлерге бай китабы шықты. Сонда мен дүньяда Халмурат ағадай бахытлы адам жоқ деп ҳәўес еттим.
“Мен болсам бир қосығымды шығара алмай жүрмен. Оның китабы шығып атыр. Бул қуўанышты қалай көкирегине сыйдырып жүрген екен-әй!”.
Редакцияға талай келип жүрсем де Халмурат ағаның алдына кириў бахтына миясар болмадым. Бәрқулла Шарап ағадан қайтатуғын едим. Ол киси мениң арқамнан қағып, хошаметимди берип, “изинен қалма, көп оқы” деп сыртқы есикке дейин шығарып салатуғын еди.
Қарақалпақ әдебиятында балалар шығармалары ушын Бердақ сыйлығын алған жазыўшы я шайыр жоқ. Тек Халмурат ағаның бир өзи. Ҳақыйқатында бизде бар өмирин балалар әдебиятына бағышлаған талант ийелери жоқ еди.
Балалар қосықларын, гүрриңлерин тийип-қашып жазып жүргенлер болды. Олар әлбетте, тийип-қашып …
Кишкенелер ушын шығарма жазыў аңсат емес. Оның ушын өзиңди сол балалардың орнына қойып көриўиң керек. Бала болып ләңки тебиўиң, қыз болып теппек ойнаўың керек. Иш-ишиңнен жаңа тили шығып киятырған нәресте болып шүлдирлеп сөйлеп көриўиң керек.
Буның өзи “ақырзаманлық” ғой. Оған төзими жеткен шыдайды. Бирақ, Халмурат аға бәрқулла бул басқыштың арасында жүрер еди. Гейде оның минези де балаға усап кетеди. Ол кисини алдаўды билмейди, бир гәпти ойнап айтпайды. Өзинше сыр сақлап та жүрмейди. Нағыз баланың образын жаратып жүрер еди ол.
Быйыл ағамыздың туўылғанына 90 жыл толыпты. Биз сезбей қалыппыз. Баспа директоры болып турып, жасы үлкенниң кишигирим бир китапшасын шығарып саўға етпегениме қысынып қалдым.
Әлбетте, бул қысыныспадан шығаман деп ойлайман.