Соңғы жыллары елимизде кең көлемли раўажланыўлар, жаңаланыўлар болып, бул ҳәр бир инсанның шаңарағына кирип бармақта. Алып барылып атырған абаданластырыў, дөретиўшилик жумыслары елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарындағы жумыслардың әмелий көриниси.
Бул жаңаланыўлар менен өзгерислер тек ғана республикамыз орайы Нөкис қаласында ғана емес, алыс-алыс аўылларымыз да қала орайынан қалыспай жаңа келбетке ийе болып, инсанның ертеңги күнге деген исеними артып, халқымыз шексиз миннетдар болмақта.
Әлбетте, аўыл-ели абат, имканият ҳәм шараятлар жаратылып, барлық қолайлықлардан кеўли толған халқымыз Президентимизге миннетдаршылық билдирип өз хатларында жүреклеринен шыққан толқынланыўларын жоллап атыр.
Бул демек, пуқаралардың ертеңги күнге деген исеним ҳәм кеўил қәтержамлығы.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевқа.
Мен «Аманлық гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны 45-жай турғыны Нағыйма Дабисовадан
Мен усы мәҳәлледе жасайман. Усы жылы мәҳәллемизде көп өзгерислер болып атыр. Көшелеримизге асфальт жоллар, көше шырақлары орнатылды. Жаўынлы күнлери ылай жоллардан, самал күнлери шаңлардан жүриў қыйын еди. Тегис асфальт жолларда ақлықларым еркин ойнап атыр. Кеште де өзлеримиз көше шырақларының жақтысында еркин жүрмиз. Сизиң Қарақалпақстан Республикасына көрсетип атырған жәрдемиңиз ушын өз миннетдаршылығымды билдиремен.
Сизиң басламаңыз бенен мәҳәллемиз «Абат аўыл» дәстүрине киргизилип, аймағымызда бир қанша жумыслар алып барылды. Атап айтқанда келешегимиз болған перзентлеримиздиң тәрбияланыўы ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қурылыўы, таза мектептиң бой тиклеўи, пуқаралардың саламатлығы ушын медициналық орынлар яғный аймақ поликлиникамыздың салып берилиўи турғынлар ушын үлкен жәрдем болды.
Әсиресе, бизиң аймағымызға келиўиңиздиң өзи шаңарағым ушын үлкен қуўаныш ҳәм бахытқа айланды. Сол күни Арманай деген қызымның туўылған күни көшемизге кирип келиўиңиз бенен «Президент атам келди» деп қуўанғаны елеге шекем көз алдымнан кетпейди. Перзент қуўанышы ата-ана ушын таптырмас байлық.
Елимиз пәраўанлығы ушын ислеп атырған барлық ийгиликли ислериңиз ис жүзинде көринип атыр. Сол ушында ертеңги күнге деген исенимимиз артып атыр.
Мен Нөкис қаласы «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны «Көк төбе» көшеси 30-жайда жасаўшы пуқара Баҳадыр Имамов.
* * *
Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев атамыз!
Сизиң аталарша ғамхорлығыңызды биз жас әўладлар ушын жан күйдирип, барлық шараятларды жаратып берип атырғаныңыздан миннетдармыз. Жасларымыз билим алыўы, илим ийелеўи керек деп жоқары оқыў орынларын көбейтип, имканиятларымызды жаратып бериўиңизден әлбетте жуўмақ шығарамыз.
Бизлер орта мектептиң 11-класында оқыймыз. Сизиң аймағымызға сапарыңыз бизлерге руўхый күш болды. Қуда қәлесе мектепти питкерип, жоқары оқыў орнына кирип, терең билим алып, үмитиңизди ақлаўға исеним билдиремиз.
11-класс оқыўшылары атынан Мухаббат Узақбаевадан
Мен Бегжанова Раўшанай Хожан аўыл, «Шымбай гүзары» МПЖ «Алтын дала» көшеси 109-үйде жасайман. Кәсибим муғаллим. Жасым 50 де.
Әлбетте, бул 2022-жылдың 24-февраль сәнесинде ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың бизиң Хожан аўыл «Шымбай гүзары» МПЖ аймағына қәдем басыўы нур үстине, ағла нур болды. Ол инсанның теберик қәдеми бизиң қумлық жерлеримиздиң түптен ѳзгериўине тийкар жаратты.
Мен пүткил жер жүзинде болып атырған ўақыяларды билип, ѳз елимниң тынышлығына мың рет жаратқан Аллама шүкирлер айтаман. Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жылдың 24-февраль сәнесинде бизиң аймаққа нәзерин салыўының нәтийжесинде;
Қумлы кѳшелеримизге асфальт тѳселди. Кѳшелеримизде түнги жақтыландырғышлар жанды. 30-санлы жѳнелисли такси жүрип, үйимиздиң алдына шекем алып келинди. 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жаңа имараты үш қабатлы, кѳркем ҳәм заманға сай оқыў имараты бой тиклеп, пайдаланыўға тапсырыў алдында тур. Жумыссыз қыз-келиншеклеримизди жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде тигиўшилик цех ашылып, иске қосылды. Балалар бақшасы салынып, пайдаланыўға тапсырылды. Кѳшелеримиздиң абаданластырылып ҳәм кѳркем, саялы тереклердиң егилип, гүллерге бѳленип, балалардың ойнайтуғын майданшалары қурылды. Кем тәмийинленген шаңарақларға үй-жай қурылысларына жәрдем берилмекте. Саламатлығы тѳмен болған жасы уллы нураныйларымыздың жағдайларынан хабар алыўы ҳәм олардың арзыў-әрманларының әмелге асырылыўы жолға қойылмақта. МПЖ баслықларына, қала ҳәкимшилиги ҳәм мәҳәллемиз пасбанларына халқымыздың ишине кирип, олар менен сәўбетлес болыўын тапсырма етип бериўи, бәрше бәршеси усы «аўыр аймақ» деп қаралып атырған бизиң «Шымбай гүзары» МПЖ аймағын гүллендириўге халықтың турмыс шараятларын жақсылаўға қаратылған ҳәрекетлериниң мине бүгин нәтийжесин кѳрип, қуўанып, шадланып жасап атырмыз.
Ҳәр бир шаңарақта, ҳәр бир кѳшеде түптен жаңаланыўлар, жаңадан-жаңа раўажланыўлар жүз бермекте.
Мен Президентимиз Ш.М.Мирзиёевқа ѳз миннетдаршылығымды билдиремен. Себеби, елим абат, халықтың пәраўан турмыста тыныш-татыў жасап атырғаны ушын.
Бизиң «Шымбай гүзары» МПЖ баслығы Камила апа Жумашеваға алып барып атырған ийгиликли жумысларында табыслар, денсаўлығы беккем ҳәм узақ ѳмир кѳриўин шын кеўлимнен тилеймен.
Себеби, К.Жумашеваны дерлик ѳзин усы аймақтың абаданшылығына, халықтың тыныш-татыў жасаўына, турмыс тәризиниң жақсыланыўына пүткиллей бағышлаған «Елим, халқым» деп жанып жасайтуғын мәрт ҳәм пидайы инсан деп билемен.
Бизиң ана Ўатанымыз буннан былай да гүллене бериўин, жасларымыздың бахытлы жасаўына шын кеўилден тилеклеспен.
Раўшанай Бегжанова,
Нѳкис қаласы.
