ӨЗИМИЗДИ ҲӘМ БАСҚАЛАРДЫ ҚӘЎИПТЕН АСЫРАЙЫҚ

Ѳрт бул ѳз-ѳзинен болатуғын ҳәдийсе емес. Ѳртке әлбетте ѳзимиздиң итибарсызлығымыз себеп болады. Айрықша жағдайлар хызмети хызметкерлери тәрепинен газ ҳәм электр кәрханалары, ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары ўәкиллери менен бирге ислесиў кәрхана ҳәм шѳлкемлерде, мектеплер, балалар бақшалары, мектеплер-интернатлар, жоқары оқыў орынлары ҳәм емлеўханаларда ѳртке қарсы тексериўлер, ушырасыў, сәўбетлесиў ҳәм жорықнамалар ѳткерилип келинбекте. Адамлар кѳп жыйналатуғын жерлер, дем алыў бағлары, мәҳәллелерде ѳрт ѳшириў техникаларын ҳәм ѳрт ақыбетлерин сәўлелендириўши ҳәрекетлерди кѳрсетиўи, бирлемши от ѳшириў қуралларынан туўры пайдаланыўды кѳрсетиў, ушырасыўлар шѳлкемлестириўлерге ҳәм де радио телевидение арқалы айрықша жағдайлардың ҳәм ѳрт қәўипсизлигиниң алдын алыў бойынша видео роликлерге қарамастан ѳртлердиң пайда болыўы жағдайларын кѳриўимизге болады.

Дана халқымыз бийкарға ѳрт қәўипсизлиги-ѳмир қәўипсизлиги деп айтпаған.
Ѳртлерди ѳшириўден оның алдын алған жақсы. Бундай кеўилсиз ҳәдийселердиң болмаўын тәмийинлеў мақсетинде қысқы мәўсимде насаз ҳәм қолбала электр ҳәм де газ үскенелеринен пайдаланбаў, газли ҳәм ысытыў печьлеринен пайдаланыў дәўиринде әмел қылыныўы керек болған бир қанша талапларды умытпаўымыз тийис. Қыс мәўсими даўамында ҳәр айда бир мәрте ысытыў печьлериниң морыларының сазлығын тексерип турыў тийис болады. Ысытыў печьлеринен пайдаланыў даўамында қәделерге әмел етиў ѳзиңизди ҳәм басқаларды асырап-абайлаў демекдур.

Р.ИСАЕВ,
Нѳкис районы айрықша жағдайлар бѳлиминиң үгит-нәсият бѳлимшеси баслығы капитан.