Китапхана – ҳәр бир инсанға руўхый азық беретуғын бирден-бир мәденият орайы. Нөкис районы Мәлимлеме-китапхана орайына өткен жылы 216 миллион 1299 атамада 4224 дана сумға китаплар алынды. Китапханамыз қорына көркем әдебиятлар, қарақалпақ, өзбек, рус тилинде әдебиятлар орын алған. Китапхананың жаңа имаратында барлық қолайлықлар жаратылған, электрон оқыў залы үскене ҳәм техникалар менен тәмийнленген. Барлық мүмкиншиликке ийе китапханамыз жаслардың руўхый билимин ҳәм китапқа болған қызығыўшылығын арттырыўда үлкен орын ийелеўи сөзсиз. Китапхана фондында 22565 атамадағы 77311 данада илимий ҳәм әдебий китаплар бар.
Баланы китап оқыўға қызықтырыўда ата-ананың роли де айрықша орын ийелейди. Буның ушын ата-аналар биринши гезекте перзентлерине өрнек болып, турақлы түрде газета-журналлар, әдебий китаплар оқыўы керек. Бүгинги күнде раўажланған мәмлекетлерде китап оқыўға айрықша әҳмийет берилген ҳәм олардың китап оқыўы миннетли етип көрсетилген. Мысалы, Бразилия мәмлекетиниң РУЙ-ТРАНДИ-ДУ-СУЛ штатының МЕРИ МАРЛОН САНТУС та барлық лаўазымдағы шахсларға бир айда ҳеш болмағанда бир көркем әдебият ямаса сиясий китап оқыўын мәжбүрий етип жүклеген. Информация қабыллаўда 17% еситиў арқалы 13 % сезиў арқалы 70% көриў арқалы қабыллайды. Мәлимлеме-библиография хызмети қәнигелери пайдаланыўшылар, шөлкемлер буйыртпалары тийкарында библиография хызметин көрсетиўди әмелге асырып бармақта.
Т.БӨЛЕКБАЕВА,
Нөкис районы, Мәлимлеме-китапхана орайы қәнигеси.
