Ҳақыйқатында да, олар кеселлик қозғататуғын ҳәм қозғатпайтуғын түрлерге бөлинеди. Кеселлик қозғатпайтуғын түри ҳәр бир саламат инсанның организминде, атап айтқанда ишеклеринде бар. Оларды илимий тилде симбиотикалық флоралар деп атайды. Бундай бактерияның түри ишеклерде жасап, ас сиңириўде, витаминлердиң қайта ислениўинде, ишеклерди түрли инфекциялардан сақлаўда белсене қатнасады. Соның ушын да, олар ишеклердиң саламат микрофлорасын қурайды ҳәм инсан организми менен бирге жасайды. Бирақ, олардың муғдарының артыўы ҳәм кемейиўи нәтийжесинде де кеселликлер пайда болыўы мүмкин.
