КӘСИБИМ–МАҚТАНЫШЫМ

Ҳəр бир адам өз кəсиби менен елине ҳадал хызмет етсе, əлбетте оның жемисин көреди, келешекке деген исеними артады. Буның ушын көп оқып, изленип, ис тəжирийбеңди асырып барыў зəрүр.
Мен кишкенелигимнен математикаға, устаз болыўға қызыққанман. Буған биринши себеплер-мектептеги устазларым, əсиресе Замийра апа Жəнибекова ҳəм өзимниң анам Айжан Авезовалар болды. Анам қырық жылға шамалас ўақыт райондағы 1-санлы улаўма билим бериў мектебинде устазлық етти, ҳəзир ҳүрметли дем алыста. Мине, усы инсанлардың илимге, педагогикаға ықласларын, мийнетлерин көрип балалық қызығыўшылықлар мени усы кəсипке жетеледи. 2005-жылы НМПИ дың математика факультетин питкерип районымыздағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде математика муғаллими болып ислеп, көп оқыўшыларға бул анық пəнниң сырларын үйретип киятырман. Ҳəр жылы пəн олимпиадаларына оқыўшылар таярлап, бирнеше питкериўшилерим жоқары оқыў орынларына кирип оқып, халық хожалығының ҳəр қыйлы тараўларында мийнет етип келмекте. Усы жылдың өзинде 9в-класс оқыўшым Мийирбек Ниязбаев олимпиадада 39, 4 балл топлап жетискенликке еристи. Мениң усы азы-кем мийнетлерим есапқа алынып Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы болдым.
Жасларға бүгинги заман талапларына сай илим тийкарларын оқытыў ушын əлбетте шараятлар да жаратылыўы керек. Сонлықтанда мектебимиз реконструкцияланды, заманагөй оқыў əспаб-үскенелери менен тəмийнленди. Педагог кадрлар қайта таярлықлардан өтип, жаңа технологиялық оқытыў усылларын меңгерди. Мектебимиздиң 10а-класс оқыўшысы қарақалпақ тили ҳəм əдебияты пəни олимпиадасында биринши орынды ийеледи. Бундай жетискенликлерди жəмəəтимиздиң аўызбиршилиги ҳəм мектебимиз директоры Р. Атажановтың шөлкемлестириўшилик укыбы нəтийжесинен деп билемен.
Биз педагоглар алдында еле үлкен ўазыйпалар тур. Ең баслысы балаларымызға билим тийкарларын бүгинги заман талабында оқытыў менен бирге тəрбия саатларында алып барыў болып табылады. Себеби, бүгинги жақсы тəрбия көрген билимли жаслар-булар ертеңги бизиң келешегимиз. Мине, усындай тараўда, муғаллимшилик кəсибинде ислеп атырғаныма сол ушында мақтанаман.
Шахида ОРАЗБАЕВА,
Тақыятас районлық 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими.