НЫЗАМДАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

Халықымыздың исбилерменлик искерликлерин финанслық қоллап-қуўатлаў, биринши нәўбетте, мәҳәллелерде киши бизнес ҳәм исбилерменлик орталығын және де жақсылаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды дәраматлы мийнет пенен бәнт қылыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ қарары қабыл етилди.
Бул қарар менен 2023-жылда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў дәстүрлеры (кейинги орынларда — дәстүрлер) көлеминдеги жойбарларды финанслық тәмийнлеў ушын кеминде 13 триллион сум қаржы ажратылады. Бунда, дәстүрлер көлеминде 2,8 триллион сум кредит қаржылары АТ Халық банки, «Агробанк» АТБ ҳәм «Микрокредитбанк» АТБның өз ресурслары есабынан ажратылады.
Қарарға көре, 2023-жыл 1-февралдан баслап:
Кредитлер биринши нәўбетте дәстүрлер бойынша алдын кредитлерден пайдаланбаған халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине ажыратылады;
Аграр тармақта өз бизнесин шөлкемлестириўге көмеклесиў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў мақсетинде узақ мүддетке аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларын ижараға алып, белгиленген тәртипте дизимнен өткен дийқан хожалықлары ҳәм киши исбилерменлик субъектлерине 50 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит бериледи;
Исбилерменлик субъектлериниң мәҳәллелерде, сондай-ақ шөлкемлестирилген микро орайларда ислеп шығарыўды, хызмет көрсетиў саласын ҳәм өнерментшиликти кеңейтиўге бағдарланған жойбарлары ушын ҳәким жәрдемшилериниң усыныснамасы тийкарында ажыратылатуғын кредитлер муғдары әмелдеги 225 миллион сумнан 300 миллион сумға шекем асырылды. Бунда, басламашы жойбарда кеминде отыз процент үлес пенен қатнасыўы керек;
Дәстүрлер көлеминде илгери алған кредитлеринен нәтийжели пайдаланып, исбилерменлигин жолға қойған ҳәм кредит төлеўлерин ўақтында әмелге асырған киши исбилерменлик субъектлерине искерлигин және де кеңейтиўи ушын усы кредитлерден тәкирар пайдаланыўға рухсат етиледи;
жеңилликли кредитлерден пайдаланып, дәрамат табыўға қаратылған искерлик пенен шуғылланап атырған пуқаралар нызамшылықта белгиленген жөнелислер бойынша өзин өзи бәнт еткен шахс ретинде классификацияланады;
ҳәким жәрдемшисиниң усынысына көре кредит суммасының 10 миллион сумға шекем болған бөлеги (өнерментлер ушын 20 миллион сумға шекем) банк карталарына (нақластырыў мүмкиншилигин шеклеген ҳалда) өткерип бериледи;
ажыратылған кредитлерди өз мүддетинде қайтармаған пуқара ҳәм исбилерменлик субъектлерине дәстүрлер көлеминде жаңа кредитлер берилиўине жол қойылмайды.
Соның менен бирге дәстүрлер көлеминде кредитлерди жыллық 14 процент ставкада ажыратыў тәртиби сақлап қалынады;
усы қарардың 12,8 триллион сум кредит қаржылары көлеминдеги кепилликли банклердиң коммерция кредитлери бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлеги исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаў мәмлекет жамғарма қаржылары есабынан әмелде белгиленген муғдар ҳәм шәртлер тийкарында қаплап бериледи;
Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў жамғармасы қаржылары есабынан халық қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў бағдарында қыйтақ жер ийелерине берилетуғын микрокредитлар муғдары 3 миллион сумға шекем асырылады ҳәм де бул микрокредитлар шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў дәстүрлериниң бирден-бир электрон платформасы арқалы ажыратылады;
Қарар менен исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаў ушын мәмлекет тәрепинен бир қатар дәстүрли бағдарлар белгиленген.

Бабур Калбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Инсан ресурслары бѳлими жетекши мәсләҳәтшиси, 3-дәрежели юрист.