МАҚТАЎҒА МҮНӘСИП МУҒАЛЛИМ

Мойнақтағы мақтаўлы мектепти (бурынғы Калинин) 1988-жылы айрықша баҳаларға тамамлаған Шыныгүл Сейтова Россиядағы Тамбов педагогикалық институтының рус тили ҳәм әдебияты факультетине оқыўға түсти. Оны 1993-жылы питкерип келгеннен кейин өзи оқыған мектепке рус тили ҳәм әдебияты пәни бойынша муғаллим болып ислеп атыр.
Ол жас ўақтынан баслап-ақ рус тили пәнине қызығып, еркин сөйлейтуғын дәрежеге жетти. Әсиресе, институтта оқып жүргенинде муғаллими Лариса Федоровна оған айрықша кеўил бөлип, жақыннан жәрдем берди. Ол рус тили ҳәм әдебияты пәни бойынша методикалық қолланбаларды тереңнен үйренип тәжирийбе топлады. Мине, усының шарапаты болса керек оның оқытқан оқыўшылары билимдан, зийрек болып жетилисти.
Олардан халық билимлендириўи бөлимине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Саламат Наменов, усы мектептиң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Жадыра Мырзамуратова, усы мектептиң информатика ҳәм хабар технология пәни оқытыўшысы Илҳамбек Ажимов ҳәм 1-санлы қәнигелестирилген мектептиң улыўма орта билим бериў (лицей) директоры Бахытбай Садуллаев муғаллимниң дәслепки ушырған қарлығашлары еди. Ағла муғаллим Шыныгүл Сейтова ҳәзирги күнлери 2-басқыш жеңимпазы болған 9-класс оқыўшысы Д.Жүгинисова, 10-класс оқыўшысы А.Төремуратова, 11-класс оқыўшысы А.Муратбаева ҳ.т.б. 3-басқыш пән олимпиадасына таярлады.
2020-2021-оқыў жылында улыўма билимлендириў мәкемелери оқыўшылары арасында улыўма билим бериў 3-басқыш республикалық пән олимпиадасында рус тили ҳәм әдебияты пәнинен Улбосын Оразалиева 3-орынды ийелеп, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи министрлигиниң ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, рус тили ҳәм әдебияты пәниниң муғаллими Шыныгүл Сейтованың көп жыллық методикалық ис-тәжирийбеси бойынша Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи ҳәм Республикалық методикалық орай тәрепинен арнаўлы китапша шығарып барлық мектеплерде ең жайдырылып атыр. Әсиресе, дәстүрге айланған ҳәр жылы бир ҳәптелик педагогикалық кадрларды жаңа методикаға бағдарлаў бойынша миллий орайда тәжирийбе арттырыў да өз нәтийжесин берип атыр. Усы бағдарда ол оқыўшыларды ҳәзирги заман технология, методикалық ис-қолланбалардан пуқта пайдаланып, тәлим-тәрбия бериў менен бирге 11-классқа жетекшилик етеди.
Тәжирийбели муғаллим Шыныгүл Сейтова 2020-жыл, «1-октябрь – муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Өзбекстан Халық билимлендириўи ағласы көкирек нышаны менен сыйлықланды. 2022-жылы Шыныгүл Сейтованың өмиринде қуўанышлы ўақыя жүз берди: ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси президиумының «Ўатан пидайысы» ҳәм «Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириўи пидайысы» көкирек нышанлары менен сыйлықланды. Бул оның 30 жылдан бери жас әўладларға тәлим-тәрбия берип атырған ҳадал мийнетиниң жемиси еди. Шыныгүл Сейтова өмирлик жолдасы Наўрызалы Жақсымуратов пенен 5 қызды тәрбиялап, камалға жеткерди. Б .Жақсымуратова 2-санлы мектепте лаборант, Б. Жақсымуратова институттың химия-технология факультетиниң бакалавриат ҳәм магистратура оқыў жөнелисин питкерип, ҳәзирги ўақытта Наўайы кәншилик институтының Нөкис филиалында маркетолог болып ислеп атыр. А.Оразалиева Өзбекстан жәҳән тиллери университетиниң филология факультетинде оқып атыр. У.Оразалиева Өзбекстан Миллий университетиниң филология факультетиниң 1-курс студенти, ал ең кишкене қызы Н. Оразалиева 8-класс оқыўшысы.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан билимлендириўи ағласы, Ўатан пидайысы Шыныгүл Сейтова жасларды ҳәзирги заман технологиялық методикалық қолланбалардан пуқта пайдаланып жасларға тәлим-тәрбия бериўде жоқары нәтийжелерге ерисиўин тилеймиз.

Кеўлимжай Пазылбеков,
Мойнақ районы