РАЙОНДА ЖАСАЎШЫ ХАЛЫҚ САНЫ МƏЛИМ ЕТИЛДИ

Нөкис районы статистика бөлими мағлыўматына бола, 2023-жыл, 1-январь жағдайына Нөкис районының демографикалық көрсеткишлер мағлыўматларын жариялайды.
Оған көре, районымыздың халық саны 52,9 мыңды қурап, олардан ҳаял-қызлар 26,1 мыңды, ал еркеклер саны бираз көбирек, 26,8 мыңды қурайды.
Соның менен, қалалық жерлерде жасаўшылар саны 10,7 мыңға жеткен болса, аўыллық жерлерде жасаўшылар саны 42,2 мыңды қурайды.
Нөкис районы статистика бөлими.