Мен шаңарағымыздағы биринши ақлық болғанлықтан, бир үй толы жанның әширеписи болғанман. Кемпир апам Жума урысқа кеткен ери Хожамурат атамнан төрт перзенти менен 27 жасында қалған. Сол перзентлериниң туңғышы мениң әкем Меңлимурат әкеси урысқа кеткен ўақытта 9 жасар бала, ең генжеси Жәмбий әжапамыз еле қырқынан шықпаған нәресте екен.
Урыс ҳәм урыстан кейинги аўыр жылларда апам перзентлерин аўзына тислегендей етип келе қылған. Үрпе-шүрпе балалары менен жесир қалып, басына қандай азап-уқыбетлер түссе де шыдаған, сабыр еткен ҳәм жыллар өтип перзентлерин қатарға қосып, жарыққа шыққан.
Апам 40 жасында ағамды үйлендирген. Сол ўақытта ағам педагогикалық билим журтын питкерип келип, мектепте муғаллим болып ислеп атырған 19 жасар жигит, анам Айымгүл болса, анасынан ерте жетим қалып, соңғы анасының қасы-қабағын бағып өскен 16 жастағы қыз екен.
Кишем ( бизлер сегизимиз де анамызды кише дегенбиз) мени 17 жасында дүньяға келтирген. Сонда қыйыншылықлар менен кәмалға келтирген улынан биринши ақлық көрген кемпир апам да, ағамды өзлериниң әкеси киби сүйеў көрип өскен қаналаслары да шексиз қуўанышқа бөленген. Олар мени анамнан да бетер жақсы көрип, «ай болмасын, күн болсын» деп өсирген.
Ол ўақытларда аўыл ҳаяллары ушын қаладағы туўыў үйине барып босаныў деген үрдис болмаған. (Кишем ҳәтте 1974-жылы туўылған ең генжетайы Зилийханы босанғанда да үкелериме: «Мектепте кишем туўды деп айтып қоймаң, мени роддомға әкетип қалады. Мен сәл белимди көтерип алайын» деп муқым тапсырып қояр еди. Роддомға әкетип қалады дегениниң себеби, ол ўақытта ҳаял қашан босанса да туўыў үйине апарып бир-еки күн жатқармаса, нәрестеге туўылыўы ҳаққындағы гүўалық берилмес еди). Оларды аўылдағы епли кемпирлер туўдырып ала берген.
Бундайға бизиң төрт үйли ағайинниң төрт кемпири де ҳәзирги заманның акушеркаларындай болып кеткенликтен, қайсы үйдиң келини толғатса да, хабар барған ўақта жуўырысып келип, кирисип кете берер еди. Көргендей етип айтып отырғанымның мәниси, есимиз ене келе кишелеримиз толғатқан күни уйықламастан жүре берер едик. Кемпирлер толғатып атырған келинин бир көрип, өзлеринше «консилиум» өткерип: «Еле қайда? Келистирип ширене берме! Соңырақ келемиз» деп кетип қалар еди. Сол кемпирлердиң ҳәр биринде еки-екиден уллары болып, келинлердиң ҳәр бири 6-8 перзентли болды. Олар келинлерин босандырыў мәселесинде шыпакердиң де, аўылдың басқа кемпирлериниң де жәрдемине мүтәж болмады.
Сондайда бизлердиң де өзлеримизге ылайық ўазыйпаларымыз болды. Егер күндиз болса, кишелеримиздиң босанатуғын жерине сабан әкелисиў, жуўырып барып бақан, жүўен, мылтық алып қайтыў усаған балаларбап «барып кел-алып кел, шешеңди шақырып кел»деген сыяқлы жумысларда «аяғымызды қолымызға алып» жуўырар едик. Бөпе туўылып атырғанда есиктен сығалап жүрген бизлерди көрген шешемлердиң «кетиң»дегенин тыңламай, талай мәрте киндик шеше де болғанбыз. Қалай дегенде де жан саўдасына араласқан кемпирлер қуўанғанынан ғаўқылдасып, нәрестениң киндигин саўмалап-саўмалап, пышақты қолымызға услатып «мына жерден кес» десе, қуўана-қуўана кесип, ендиги бөпениң киндигин мен кесемен деп таласып та қояр едик. Киндикти кескен пышақ киндик шешеге берилгенликтен, бизиң үйде де мениң меншикли пышақларым болды.
…Журналистикадағы устазымыз Атажан аға Халмуратов мақалаларында избе-излик болмай қалған шәкиртлерине «жазып атырған нәрсеңиз бир жақта қалып, жән-жаққа отлап кетпең» деп ескертер еди. Сол айтқандай, гәпти өзимниң туўылғанымнан баслап, киндик кескенлеримди айтып кеткеним кеширимли болсын, оқыўшым. Мени жанының ишинде көретуғын апам ҳәм оның қәдирдан үш абысыны туўралы гәп ашылса, қысқадан қайыра алмай қалатуғын жерлерим бар.
Кишемниң айтыўына қарағанда, ҳәмме бетиме қараған сайын «өнер ашыппан». Мениң күндиз-түни жылай бергенимди олар дәслеп «басында бир нәрсе бар»ға жорыпты.
Көкнаршы қыз болыўдан сәл қалғанман.
Түн бойына уйқы көрмей, мени гезеклесип шайқап таң аттыратуғын апам менен кишем үйдегилерден жасырын түрде аўыз бириктирип, жатарда маған бир уртлам көкнар езип иштирип, бесикке бөлеўге келисипти. Сондай күнлердеги бир ўақыяны апам да, кишем де айта беретуғын еди.
Олардың жасырын түрде ислеген бул «операция»сы биринши күннен-ақ өз нәтийжесин берипти. Түнги уйқыдан күнде қала бериў аңсат па, Әзиза мақсым деген достысы менен қыдырғанда көкнарын езип, қәниге болып кеткен апам ушын бул ис шимишки шаққаннан да аңсат болып, жатарда маған аўзы менен бир уртлам ғана көкнарды ишкизгенде, мәлҳам болып қалады екенмен. Солай етип, олар да уйқысын бузбай, мен де жай болып, күнлер өте берипти.
Бир күнлери олар беретуғын бир уртлам «доза» маған азлық ете баслапты. Түнниң ярымы аўғаннан оянып, шырылдап жылап екеўин де тик аяққа қоятуғын әдетти шығарыппан. Түнлерин уйқысыз өткерип жүрген енели-келин аўлақта қайта ойласыққа көшип, «өсип баратырған балаға бир уртлам аз болып атыр, еки уртлам берейик» деген қарарға келипти.
Ол заманлары көкнарға ҳешким нәшебентлик зат сыпатында қарамаған, нызам менен қадаған етилмеген. Шаңарақта аязлаған адам да, жөтеллесе де, аяғы қақсаса да емге пайдаланып, аўыл ғаррылары арасында көкнаршылар баршылық болғанлықтан, олар үйлерге қыдырып келсе де, мерекелерде қоныққа кирсе де, дастурханның шетине көкнар шекийне, оны езетуғын лаўабы кеса қойған. Аўылларда адамлар мөлдек жерлерине арқайын көкнар егип, керек ўақтында кисиден сораў уят есапланған.
Апам менен кишем сол күнги ойласығы бойынша жатарда маған күндегиге қарағанда еки еседен көбирек көкнар ишкизип, уйқыға жатқаннан силелери қатып, азанда бир ояныпты. Қараса, мен еле уйқыдаман. Екеўи қуўжыңласып, азанғы ҳалқасын да тыныш отырып ишип алғанына мәс болған. «Неге оянбай атыр» деп сораған үйдегилерге апам мениң енди есейип киятырғанымды, шаршасам тас болып уйқылайтуғынымды айтып тынышландырып, «гилмаланы» жақсылап басып, жумысларына шығарып салған.
Соннан түске шекем де оянбағанымнан, апам менен кишемниң әбден мазасы қашыпты. Олар айланып келип дем алып атыр ма деп көкирегиме қулақларын қойып тыңлап, бири-бирине қарасып не қыларын билмеген. Бесиктен алып-салып, жулқылап та, өзиме келтире алмаған… Қулласы, екеўиниң жасырын ислеп жүрген «операция»сының пыт-шытын шығарып, намазлыгерге жақын көзимди ашқанман. Сол күни тобасына таянып, енди қайтып балаға көкнар бермеўге шәрт айтыпты. Мен де нәшебент қыз болыўдан сәл қалыппан.
О дүньядан қайтыўым…
Кишкенелигимде Аллатаала аяп, қайта таслап кеткен ўақытлары көп болған. Еки жасымда қызылша кеселлиги менен аўырыппан. Ол заманларда ҳәзиргидей вакцина жоқ па, қызылша аўыр тыслап, бираз нәрестелер шетнеп кеткен. Мен де солардың бири болыўдан сәл қалғанман.
«Бетине қараған сайын… төмен қарайды» деген мақал мен қусағанларға айтылса керек. Бир үйли жан қалай әширепилесе де, сәл нәрсеге «барып-қайтып» турған жерлерим болған. Мен қызылша менен аўырғанымда сада кемпир апамның күши темир печьтиң сырты қызарғанша от жағыўға ғана жеткен. Лаплап турған өжиреге адам киргизбеген. Сол ўақытларда «Кириў қадаған. Қызылша шығып атыр» дегенди билдиретуғын, бир қысым пахтаны қызыл таўардан жыртып алынған жипке байлап, есиктиң сыртқы тутқасына илдирип қояды екен. Усы белгини көргенлер қанша асығыс болса да ишкерилемеген. Үйдиң адамлары да жумыстан келгенде сыртта отырып, дем алып болғаннан кейин кирген. Бул ҳәмме ушын қағыйда болған.
Апамның айтыўына қарағанда, қызылша ыссыда қалмай тыслайды деп отты қалай жақса да, кем-кемнен төменлей бериппен.Бара-бара көзимди ашпай қалыппан. Ағамлардың «дуқтыр шақырайық» дегенине «Қызылшаға дуқтыр не қыла алады? Балинсаға алып кетеди. Муздай жайда тысламай қалып, өлтирип әкелгиңиз келип тур ма?» деп гәплерин өре бастырмаған апама ҳешким сөзин өткере алмапты. Ҳәмме бетиме үңилип отырыўдан басқа илажы қалмаған.
Сол заманларда ата-аналарға болған сыйласық қандай болғанлығын соннан биле бериң, нәрестесине қәўип дөнип турғанлығын анық көрип турса да, мени жанынан да бетер жақсы көретуғын анасының кеўлин қалдырмаў ушын бәрине де қайыл болған.
Түнниң бир ўақтында тамыр урысым билинер-билинбес болып қалған ўақытта, төрт үйли ағайинлеримизди шақырыпты. Кишем бийшара ортада жатырған мени көргиси, қолына бир алғысы келгени менен апамнан батына алмай, ҳәммениң сыртынан маған сығалап, жылаўға да қорқып жүрген. «Сениң бетиңе ақ жабылғаннан кейин басқа өжиреге барып, сестимди шығармастан жылап, не қыларымды билмей ойыншықларыңды жыйнай бериппен» дей беретуғын еди кишем.
Адамның жүрими болса, бир нәрсе бир нәрсеге себеп болады деген дурыс гәп. Сол күни түнги саат екилердиң шамасында аўыл шыпакери, ағамның жорасы Айтжан Узақбергенов (соң бул инсан узақ жыллар даўамында Мойнақ районлық, кейин ала Нөкис қалалық емлеўханаларының бас шыпакери лаўазымларында иследи) узақ аўыллардың биринен наўқас көрип киятырып, бизиң үйде шыралар жанып турғанын көреди де, не болып атыр деп атының басын бурады. Сол ўақытта оң жаққа қойыўдың тәтерригинде жүрген адамлардың арасынан бетиме ақ жабыўлы жатырған мени көрип, ҳәммени серпип таслап, бетимдеги ақты жулып алған. Жанында бар әспабы менен дәрҳал жүрегимди, тамыр урысымды тексерип болып, үн салып жылап жүрген апама «шық» деп бақырып, өзи мени тирилтип алыўдың барлық шараларын ислеген ҳәм әжел тырнағынан қутқарып қалған…
«Өмир ағар дәрьяға мегзейди» дейди. Соннан бери де қанша суўлар ағып өтти.Айтжан аға да буннан көп жыллар бурын о дүньялық болып кетти. Ҳәзирге шекем өмиримде есте қаларлық жетискенликке ериссем, жайы жәннетте болғыр Айтжан аға Узақбергеновты яд етемен. Егер сол инсан болмағанда…
(Даўамы бар)
Пердегүл Хожамуратова,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.
