НОСТРИФИКАЦИЯ–БУЛ НЕ?

Жылдан-жылға сырт елдеги жоқары оқыў орынларында оқыўды қәлеўши ҳәм питкерген жасларымыз саны артып бармақта. Бурынлары нызамшылыққа муўапық, сырт еллерде тәлим алғанлығы ҳаққында ҳүжжетлерди тән алыў айлап, ҳәттеки жыллап ўақыт талап етер еди. Бир нәрсени билиўимиз керек болады, сырт елде алынған ҳәр қандай диплом Өзбекстанда тән алыныўы ушын нострификация қылыныўы керек.
Нострификация бул не? Нострификация ушын қандай ҳүжжетлер керек болады? Бул сыяқлы сораўларға төмендегише жуўап беремиз.
«Нострификация» сөзи латынша «ностер» – «бизлердики» ҳәм де «фацере» – «етиў» сөзлеринен алынған. Әмелде бул атама сырт елде берилген дипломларды мәмлекетлик дәрежеде тән алыў, эквивалентлигин белгилеўди билдиреди.
Дипломларыңызды нострификациялаў ушын мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етсеңиз болады. Бунда Мәмлекетлик хызметлер орайы Минстрлер Кабинетиниң 2019-жыл 24-июлдағы 620-санлы «Сырт еллерде тәлим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў тәртиби ҳаққында»ғы қарарына тийкар жумыс алып барады. Сырт ел дипломларын нострификациялаўдың 2 жолы бар: бириншиси арнаўлы сынаўлар тийкарында, екиншиси туўрыдан-туўры (арнаўлы сынаўларсыз).
Қайсы дипломлар арнаўлы сынаўларсыз нострификация исленеди?
– улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм тәжирийбе асырыў орнында тәлим алған мүрәжатшылардың ҳүжжетлери;
– Өзбекстанда бөлимлери ҳәм қоспа тәлим бөлимлери бар болған сырт елде оқыған мүрәжатшылардың ҳүжжетлери;
– Халықаралық 1000 лық рейтингине кирген жоқары оқыў орынларының ҳүжжетлери;
– министрлик ҳәм мәкемелердиң жолланбалары тийкарында тәлим алған мүрәжатшылардың ҳүжжетлери;
– 1992-жыл, 1-январға шекем сырт ел жоқары оқыў орынларында оқыған мүрәжатшылардың хужжетлери;
– Жоқарғы оқыў сапасын баҳалаў Европа ассоциациясының ағзалары тәрепинен аккредитацияланған оқыў орынларында тәлим алғанлардың ҳүжжетлери;
– АҚШ, Австралия, Израил, Канада, Сингапур Республикасы, Корея Республикасы, Япония мәмлекетлеринде аккредитация етилген оқыў орынларында тәлим алғанлардың ҳүжжетлери;
– министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен ажыратылған пуллар есабынан тәлим алған мүрәжатшылардың ҳүжжетлери;
– халықаралық шәртнамалар, Президент ҳәм ҳүкимет ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда тәлим алғанлардың ҳүжжетлери.
Нострификация қылыў ушын қандай ҳүжжетлер керек?
Буның ушын мәмлекетлик хызметлери орайы хызметкерине төмендеги ҳүжжетлерди усыныў керек:
– диплом ҳәм қосымшаның түп нусқасы (арза қабыл етилгеннен кейин ийесине қайтарылады);
– диплом ҳәм қосымшанын түп нусқасының мәмлекетлик тилге аўдарма етилип, нотариустан тастыйықланғаны;
– паспорт;
Сырт еллерде улыўма орта ҳәм орта тәлим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў бийпул әмелге асырылады.
Орта арнаўлы, кәсип-өнер (профессионал) тәлимин алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алғанлығы ушын базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында;
Жоқары оқыў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбе асырыў тәлимин алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алғанлығы ушын базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында төлем өндириледи.
Улыўма орта ҳәм орта тәлим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў 3 жумыс күнинде, ал орта арнаўлы, кәсип-өнер, жоқары оқыў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбе асырыў тәлимин алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў 14 жумыс күн мүддет ишинде көрип шығылады.
Қарардан гөзленген мақсет «Пуқаралар емес – ҳүжжетлер ҳәрекетленеди» принципи тийкарында қағазпазлықтың алдын алыў пуқаралардың ўақтын тежеў ҳәмде мәмлекетлик уйымларға пуқаралардың исенимин еледе арттырыў болып табылады.

З.ДЖУМАБАЕВ,
Тақиятас районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры.