ТАЛАНТ ЖАТПАС САЯДА

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети бүгинги күни республикамыздың сиясий, экономикалық, руўхый, социаллық, мәдений турмысының ажыралмас бөлегине, миллетимиздиң айнасына айланды.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети республикамыздың илим ҳәм билимлендириў, тәлим ҳәм тәрбия тараўлары, мәнаўият, спорт ҳәм мәденият ошақларының бири сыпатында ғәрезсиз елимиздиң буннан былай гүллеп раўажланыўына хызмет етип киятыр. Әсиресе, жәмийеттиң тийкарғы жетекши күшлери есапланған жасларды жоқары интеллектуаль қәбилетли, дүньяда ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған сиясий-экономикалық өзгерислерге саналы қатнас жасай алатуғын мәнаўий дүньясы бай, жетик қәнигелер етип таярлаўда жетекши тийкарғы оқыў орынларының бири.

Университетке, онда тәлим алып атырған жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар өз нәтийжесин бермекте. Университет жаслары арасынан Президент, Наўайы, Улығбек стипендиантлары, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы, «Ниҳол» сыйлығының ийелери, республикалық, халықаралық таңлаўлардың жеңимпазлары, жәҳән ҳәм Азия чемпионлары жетилисип шығып атыр.
Сол қатары ҳәр жылы өткерилетуғын 2022-жылдың «Жыл студенти» анықланды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 17-октябрь 2022-жыл үзликсиз күндизги билимлендириў түринде оқып атырған 2,3 ҳәм 4-курс студентлери арасындағы «Жыл студенти» республикалық таңлаўына ҳүжжетлер қабыллаў басланды.
Таңлаў төмендеги номинациялар бойынша:
1. Жылдың ең белсенди билимли студенти;
2. Жылдың ең белсенди үгит-нәсиятшы студенти;
3. Жылдың ең белсенди ойлап табыўшы инноватор студенти;
4. Жылдың ең белсенди спортшы студенти;
5. Жылдың ең белсенди қәбилетли студенти;
6. Жылдың ең белсенди дөретиўши студенти;
7. Жылдың ең белсенди исбилермен студенти (ҳаял-қызлар ушын).
Таңлаўда студент жаслар 7 номинация бойынша қатнасып, бунда қатнасыўшылардың усы жылда өзлери тәрепинен жаратылған илимий жумыслары, ойлап табылыўлар-инновациялық идеялары, рационализаторлық усыныслар, шөлкемлестириўшилик қәбилети ҳәм усы тийкарда өзи шөлкемлестирген илажлар, кешелер ҳәм ондағы қолға киргизилген табыслары, жаңалықлары илимий әҳмийетлилиги төрешилер тәрепинен әдил ҳәм мүнәсип баҳаланды.
– Жемиси татлы дегениндей таңлаў жуўмағына көре:
– Жылдың ең белсенди үгит-нәсиятлаўшы студенти юридика факультетинен Шахзодбек Мырзакаримов.
– Жылдың ең белсенди ойлап табыўшы инноватор студенти математика факултетинен Асадбек Коганбаев.
– Жылдың ең белсенди спортшы студенти дене мәденияты студенти Камола Мурадова.
– Жылдың ең белсенди қәбилетли студенти көркем өнер факультетинен Ҳүрлиман Наўрызбаева.
– Жылдың ең белсенди дөретиўши студенти Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факултетинен Дилафруз Облакулова.
– Жылдың ең белсенди исбилермен студенти көркем-өнер факултетинен Индира Жумабаева жеңимпаз деп табылды ҳәм студент жасларды хошаметлеў мәресими болып өтти.
Жаслар мәселелери ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша проректор С.Алауатдинов, оқыў ислери бойынша проректор О.Дүйсенбаев, илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Ы.Турдымәмбетов, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси И. Сейтназарова ҳәм студент жаслар хошаметлеў мәресимине қатнасты.
Жеңимпазларымыздан Дилафруз Облақулова менен гүрриңлестик. Оның дөретиўшиликке қызығыўшылығы мектеп ўақытларынан-ақ пайда болған. Қосық оқып ҳәм оны ядлап алыўға қызыққан. Мийнетлериниң жемисин берип, ҳәзирде бир қанша жетискенликлерге ерискен.
Д.Облоқулова 1998-жыл, 15-июньда Бухара ўәлаяты, Пешку районында туўылған, миллети – өзбек.
Бухара қаласындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң дөретиўшилик-материаллық мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы.
2016 -2018 жылларда “Чашма”, “Тафаккур жылғалары”, “Биз күткен күн” атлы қосық китаплары баспадан шықты. Әдебияттың поэзия бағдарында дөретиўшилик етеди. Қосықлары орыс, инглиз, испан, италян, ҳинд, араб, турк, қазақ, қырғыз тиллерине аўдарма етилген.
2020-жылда Италияның “Амазон” баспасында басып шығарылған италян тилиндеги “Uzbekistan:Poesia Moderna E Narrativa” ҳалықаралық антологиясынан дөретиўшилик жумыслары орын алып, QR кодлы сертификатқа ийе болған.
2021-жылда Мыср Араб республикасы, Каир қаласында өткерилген “Өзбек-Египет көркем әдебиятқа байланыслы форумын”да қатнасқан. Қосықларын жәҳән сахналарында оқыўға ерискен, “Халықаралық Тагрид Фаяд көркем әдебиятқа байланыслы сыйлығы” лауреаты болған. Соның менен бирге, инглиз ҳәм араб тиллеринде баспадан шығарылған “A Journey to the Heart” Халықаралық антологиясинан дөретиўшилик жумыслары орын алған.
2021-жылда Республика руўхыйлық ҳәм билим орайы тәрепинен исленген “Ўатан раўажланыўына мениң үлесим” республикалық таңлаўының “Әдебият ҳәм публицистика” бағдарында 2-орын жеңимпазы болған.
2021-жыл Жәҳән талантлары аўқамына қабыл етилген.
2021-жылда қазақ шайыры Абай Қунанбай улының туўылғанының 176 жыллығы мүнәсибети менен “Жәҳән талантлары аўқамы”ның Абай атындағы халықаралық медалы менен сыйлықланған.
2022-жылда Сөз мүлкиниң султаны Алишер Наўайы ҳаққында орыс тилиндеги қосықлары ушын “Золотое Перо Руси” Россия Алтын қәлем миллий көркем әдебиятқа байланыслы сыйлығына ылайық деп табылған.
2022-жылда Индияда өткерилген “Панорама Халықаралық әдебият фестивалы-2022” де қосықларын англичан тилинде айтып, жәҳән шайыр -жазыўшылары тән алыўына ийе болған.
2022-жылда Туран Пәнлер Академиясы тәрепинен Халықаралық Туран жазыўшылар аўқамының ҳақыйқый ағзасы болған.
2022-жылда Сингапур Жәҳән Әдебияты ҳәм көркем өнер жәмийети Федерациясының Өзбекстандағы координаторы етип сайланған.
Жетекшилиги, ғайраты ҳәм жәмийетлик жумысларында белсендилиги менен жаслар арасында ажыралып турады. Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы ағзасы. Инглиз, орыс, түрк тиллеринде еркин сөйлей алады. Microoft Word, Microsoft Excel ҳәм Corel Draw программаларынан жетик түрде пайдалана биледи. Бухара телерадиокомпаниясы редакторы ретинде өз авторлық көрсетиўлерине ийе.
Жыл студентлерин хошаметлеў мақсетинде университет тәрепинен естелик саўғалар ҳәм орташа базалық есаплаў муғдарының 15 есесине шекем пул сыйлықлары берилди.
Жеңимпазларды және бир мәрте қутлықлап оларға алдағы оқыўларында әўметлер тилеймиз.

Умида МУСТАФАЕВА,
ҚМУ, Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, 3-курс студенти.