МӘДЕТ–ТӘЛИМДЕ, ТӘРБИЯДА, БИЛИМДЕ

Ҳурметли президентимиз Шавкат Мирзиёевтыӊ Олий мажлис ҳәм Өзбекстан халқына мүрәжәтиндеги екинши бағдарында «Мәдет-тәлимде, мәдет-тәрбияда, мәдет билимде. Себеби, барлық ийгиликли мақсетлерге билим ҳәм тәрбия арқасында ерисиледи» дегениндей, ҳәзирги ўақытта келешегимиз болған жаслардыӊ билим алыўына, тәлим-тәрбиялы болыўына ҳәммемиз жўуапкермиз.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Республикамыздағы жаслар тәлим алатуғын үлкен оқыў дәргайы болып есапланады. Жаслардыӊ тәлим-тәрбия ҳәм билим алыўында мәлимлеме-ресурс орайыныӊ хызмети айрықша. Мәлимлеме-ресурс орайында жаслардын билим алыўына кеӊ имканиятлар жаратылған болып , олар ушын оқыў заллары хызмет көрсетип келмекте. Мәлимлеме-ресурс орайы улыўма фонды 67533 атамада 558515 нусқада болып, тийкарынан оқыўлық ҳәм оқыў қолланбалар менен байытылған. Орайымызда жасларды дүнья жаӊалықлары менен таныстырып барыўда социаллық тармақлар менен бирге газета-журналларды оқып барыўынада имканиятлар жаратылған, буныӊ ушын университетимиз жергиликли ҳәм шет ел газета-журналларға жазылып, жаслардыӊ тереӊ билим алыўына мүмкиншиликлер жаратып бермекте. Жаслардыӊ бос ўақытын бийкар өткермей олар арасында китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў мақсетинде орайда “Китапқумарлар” клубы шөлкемлестирилген, клуб ағзалары болған студент-жаслар бос уақытларын көркем-әдебий китаплар оқып, оқыған китапларын теӊлеслери менен ортақласып келмекте.
Соныӊ менен бирге орайда заманагөй компьютерлер менен тәмийнленген интернет класслар, электрон оқыў заллары, WiFi зоналары жаслардыӊ тереӊ билим алыўына, дүнья илимлери менен танысып барыўына үлкен жәрдем көрсетип келмекте.
Жаслардыӊ тереӊ тәлим-тәрбия, билим алыўына жаратылған усындай имканиятларды жаратып берген ел басшымызга, университетимиз ректорына ҳәр бир жастыӊ шын кеўилден миннетдарлығын олардыӊ көзлеринен, билимге деген қуштарлығынан сезсек болады. Келешегимиз жаслардыӊ билим алыўына, кеӊ имканиятлар жаратып бериў бизлердиӊ еӊ биринши ўазыйпамыз болып табылады.
Раўшан Калмурзаева,
Мәлимлеме-ресурс орайы директоры ў.ў.а.