Устаз дегенде көпшиликтиң көз алдына мектептеги муғәллимлер келеди. Яқ, устазлардың да түрлери бар. Ҳәрип үйреткен, билим берген устаз, өмир сабақларын үйреткен устаз, дөретиўшиликтеги устазлар, деп даўам етип кетеберсек болады. Қандай да бир тараўда жетискенликке ерискен ҳәр адамның устазы бар. «Устазы жоқтың устазы – шайтан болады» деген гәпти еситкен едим. Соның ушын да мениң устазым бар екенлигинен қуўанышлыман. Оны қайсы топарға киргизиўди де билмеймен. Себеби ол маған турмыс сабақларын да, илим-билимди де, дөретиўшиликти де үйретти, мениң ең дәслепки мотиваторым болды.
Мектепте басланғыш класта оқып жүрген ўақытларымда муғәллимимиз бизге сол инсан туўралы көп айтатуғын , оның газетада шыққан гүрриң, қосықларын оқып беретуғын ҳәм « Бул мениң оқыўшым» деп мақтанатуғын еди. Сол пайытта мен де оған ҳәўес еттим, мени де устазым усылай оқыўшыларына айтып бергенинде деп әрманладым ҳәм ол менен ушырасыўды нийет еттим. Сонда 5-класс едим. Мениң де қәлемим ысылып баслады. Өзимше қағаз қаралап жүрдим. Жазғы демалыс ўақтында ең биринши мақалам «Жеткиншек»те жарық көрди. Ондағы қуўанышымды айтып жеткере алмайман. Ал, 6-класымда мектебимиздеги жас қәлемкешлер мени де қосып газета редакциясындағы ушырасыўларға алып бара баслады. Мектепте сәрдар едим, жетекшимиз бир күни сол мениң устазым менен телефонда сөйлескенин еситтим. Сонда мениң баяғы әрманым ядыма түсти, оның қандай инсан екенлиги мени қатты қызықтыратуғын, ол менен ушырасыўды қәлейтуғын едим. Кейин 9-класымды питкерип лицейге тапсырмақшы болдым. Бирақ, ата-анам руқсат бермеди. Лицейде оқыўды қатты қәлеп едим, ҳәттеки үйге айтпай ҳүжжетлеримди де таярлап жүрдим. Олардың қарарынан кейин қатты ашыўым келди. Оқыўға таярланыўым керек еди ҳәм репититор излеп басладым. Сонда мен баяғы ушырасыўды әрманлайтуғын адам таярлық курсын ашып атыр екен. Қатты қуўандым ҳәм оның таярлық курсына бара басладым. Ҳәр сабағымызда ол бизлерге ҳәм билим, ҳәм өзиниң тәжирийбелерин, кеңеслерин беретуғын еди. Сабақ сайын мен оны жақыннан таный басладым. Ол мениң қосық жазатуғынымнан хабар тапты. Кейин мениң дөретиўшиликтеги устазым да болды, таңлаўларға қатнастырды. Ол мени шын мәнисинде оята алатуғын инсан болды. Таярлық ўақтымда сол пәнди қойып инглис тилинен таярланбақшы болдым. Себеби, еки пәнге тарланыўға жағдайым келмейтуғын еди. Тоқтатпақшы екенимди ҳәм себебин айтқанымда ол «Келебер сеннен пул сорамайман» – деди. Сонда мен оның қаншелли дәрежеде жақсы инсан екенлигин билдим. Мүмкин, сизлерге кишкене нәрседей сезилер, бирақ мениң бүгинги дәрежемде сол инсанның, үлкен үлеси бар.
Мен ҳәрдайым биринши болыўға умтылар едим. Қәнекей, ҳәмме жерде биринши болсам. Таярлықта өзимнен үлкен абитуриентлерден жоқары нәтийже көрсетсем де, устазымның кеўли толмайтуғын, меннен көп нәрсе күтетуғын еди. «Сеннен де небир күшли қасқырлар бар, ғажып таслайды тест дегенди. Сен АРЫСЛАН бол! Бир тислеген жериңди үзип ал!» – дейди. Оның усындай мотивациялық гәплери жүдә көп. Олар ядымда өшпестей мөрленип қалған.
Питкеретуғын жылы басқа репетиторға барыўыма туўра келди, устазым оқыўы ҳәм жумысы себепли таярлай алмайтуғын болды. Сонда да ол меннен хабар алып турды. Оқыўға тапсыратуғын ўақтымда устазым менен қоңыраў етип сөйлестим. Сол ўақытта да ол маған ең туўры кеңести берген еди.
Билесиз бе, адам нени шын кеўилден әрманласа, қәлесе әлбетте әмелге асады екен ҳәм өмиримиздеги ҳәр бир ўақыя жақсылыққа болады. Егер мен лицейге тапсырғанымда устазым менен танысыў нийетим әрман болып қалар, ал бул әрман мени көп нәрселерден айырған болар еди. Жақсылыққа болған екен. Ата-анамның мийнети, мениң бәрқулла биринши болыўға ҳәрекет етиўим, устазларымның меннен кеўли толмай еледе көп нәрсе қолымнан келетуғынын сезгенлери ҳәм шын кеўилден қәлеўим 1-гранд болыў нийетиме еристирди. Университетке өзим қәлеген журналистика қәнигелигине оқыўға кирдим. Оқыўға кириўим менен устазым мени «Жас дөретиўшилер» клубы менен танысты ҳәм клубқа ағза болдым.
Ким екенлигин еле айтпадым я? Ол — Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының ағзасы, жас шайыр, «Жас дөретиўшилер» клубының бас координаторы Аллаяр Дарменов. Бүгин оны көпшилик таныйды. Қәбилети, тынымсыз ҳәрекетлери ҳәм әдебиятқа болған меҳири себепли жас болса да көпшиликтиң көзине түсип үлгерди. Ол басшылық етип атырған «Жас дөретиўшилер» клубы тек ғана жасларды емес, ал жасы үлкен қәлемкешлерди де жүзеге шығарып, әдебиятымыздың раўажланыўына үлкен үлес қосып атыр.
Гейде ойлап ҳайран қаламан, мен нени шын кеўлимнен қәлесем әмелге асып атыр, айналамда тек жақсы инсанлар жыйналып қалғандай. Устазымның маған қылған жақсылықларын, мени ҳәрқандай жағдайда да қоллап-қуўатлағанын ҳеш қашан умытпайман. Сиз Устаз деген аттың барлық талапларына артығы менен жуўап бересиз. Рахмет, устаз!
Перуза Яқупбаева,
ҚМУдың қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти.
