Бүгинги күнде елимизде ҳәр түрли тараўларда хызмет етип атырған ҳаял-қызлардың ролин күшейтиў, олардың билим ҳәм кѳнликпелерин еле де жетилистириў, қоллап-қуўатлаўға қаратылған мәмлекетлик реформалар бизлерди және де руўхландырады.
Мектепке шекемги билимлендириў тараўымызда да белсенди ҳаял-қызларымыздың орны айрықша. Ҳәр бир үйдиң еркеси болған баланы үш жасынан баслап ең дәслеп жәмийетлик орталыққа әсте-ақырын үйрете баслайды. Басқалар менен қарым-қатнасты үйренип, ҳәммеге тийисли болған тәртип-қағыйдаларға кѳнлигип, тәлим-тәрбияның туңғыш сабақларын ала баслайды. «Бала әзиз, тәрбиясы оннан да әзиз» дейди халқымыз. Ѳмир гүллери болған кишкенелеримизди тәрбиялаўда кәсиплик маманлығы менен танылып киятырған ҳаял-қызлардың бири-Рано Уразымова. Ол пайтахтымыздағы «Атамәкан» МПЖ аймағындағы жаңадан қурып пайдаланыўға тапсырылған 53-санлы МШБШ ниң директоры лаўазымында ислеп келмекте.
Бүгинги күнде бул орында аймақтағы 620 бала тәлим-тәрбия алмақта. Р.Ураз
ымова хызметкерлердиң ҳәр бири менен илажы болғанынша жақыннан ашылысып сәўбетлесиўге ўақыт ажыратады. Сол арқалы Президентимиздиң тараўымызға қаратып атырған итибары арқасындағы үлкен ѳзгерислерди ҳәр күни дерлик түсиндирип, руўхый күш бағышлап, ѳзимизге деген исенимимизди арттырып, кәсибимизге болған интамызды асырады. Ѳз үстимизде изленип, билим ҳәм тәжирийбемизди асырып барыўымызға үлкен дыққат-итибар қаратады. Бала бақшамызда балалардың заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер бар. Рано Уразымова ҳәм психолог М.Айтмуратова менен биргеликте ата-аналар менен жеке сәўбетлесиўлер ҳәм ушырасыўлар ѳткерилип келинбекте.
Лидерлик ҳәм шѳлкемлестириўшилик қәбилети менен кѳпшиликке үлги болып киятырған Р.Уразымовадан жүдә миннетдармыз. Оның ҳәр бир ақыл-кеңеси, кѳрсеткен жол-жобасы бизлерди ѳз кәсибимиздиң маманы болып, жәмийеттиң ең белсенди ҳаял-қызлары болыўға баслайды.
Гүлпаршын
АМАНГОСОВА,
Нѳкис қаласы, 53-санлы МШБШ логопед-оқытыўшысы.
