«ҚЫЗЫҢ ГѲЗЗАЛ БОЛСЫН, ШАЙЫРА БОЛСЫН»

Үлкемизде ояныў, жасарыў, жаңаланыў пасылы. Усындай әжайып әййямның 1-сәнеси ѳзбек халқының шайырасы Зульфия Исраилованың туўылған күни менен басланады. Бул сәне ҳәр жылы Республикамыз бойлап үлкен кѳтериңкилик руўхта байрамланады.
Бизиң Нѳкис қалалық 23-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де бул сәне «Қызың гѳззал болсын, шайыра болсын» атамасында әдебий кеше болып ѳтти. Кешени оқыў ислери бойынша директор орынбасары А.Тѳреева ашып берди. Оннан соң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Б.Хожаметова шығып сѳйлеп, мийманларды, мектеп жәмәәтин байрам менен қутлықлады. Әдебий кешемиздиң мийманы И.В.Савицикий атындағы музейдиң этнография бѳлиминиң баслығы А.Пирназарова, март айының ѳзине тән ѳзгешелиги, айырмашылығы, әжайып байрамлар менен гѳззал ай есапланатуғынлығын айтып, байрамға заўық бағышлады.

Усындай әжайып қутлықлаўлардан соң, байрамға арналған концерт бағдарламасы, кѳргизбелер тамашаланды.
ҚМУ юридика факультетиниң 3-курс студенти Б.Маратов «Зульфия Исраилова 108» жаста баянатында шайыраның ѳмири ҳәм дѳретиўшилиги бойынша баянатын оқып, биз оқыўшылар қызығыўшылық пенен тыңлап, кѳп мағлыўматларға ийе болдық.
2019-жылы Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың Қарақалпақстан Республикасы басқышының белсене қатнасыўшысы, мектебимиздиң мақтанышы М.Жиенбаеваның қол ѳнери дѳретиўшилиги мийманларда қызығыўшылық оятты. Әпиўайы моншақтан З.Исраилованың портретин ҳәм басқа да дѳретпелер жаратқан Мийригүлдиң излениўшилиги менен умтылыўшылығын илаҳий талант екенлигин мақтаныш етип айтып ѳтти.
Оннан соң «Зульфияның избасарлары» композициясында спорт жарысларында сыйлы орынларды алып жеңимпаз болып жүрген спортсүйер оқыўшылардың спорт шынығыўлары тамашаланды. Улыўмаластырып айтсақ, байрам кеўиллерге ѳзгеше заўық бағышлай алды.

Фатима Есбоғанова,
Нѳкис қалалық 23-санлы мектеп оқыўшысы.