Жақында мектебимизде жоқары класс оқыўшылары арасында «Наўрыз маликасы» таңлаўы болды. Таңлаўдың мақсети – Наўрыз байрамы ҳаққында билим ҳәм ҳәм түсиниклеримизди еледе кеңейтиўден ибарат болды. Таңлаўда ҳәр бир қатнасыўшы Наўрыз байрамын тәрийплеп ҳәм миллий аўқатымыз болған жүўери гүртиктиң қамырын таярлап, жасап кѳрсетти. Улыстың уллы күни ҳаққында қосықлар ҳәм тахмақлар айтты.
Тѳрешилер қурамы тәрепинен әдил баҳаланып, қатнасыўшылар мүнәсип сый
лықланды.
Жарыс жуўмағында 10-класс оқыўшысы Камшат Исенбаева «Наўрыз маликасы» таңлаўы жеңимпазы болды.
Наргиза ЖАҢАБАЕВА,
Нѳкис қалалық 30-санлы мектептиң оқыўшысы.
