ӘКЕМНИҢ ЖАНЫНА ЖАРАСАР АНАМ
Уллылық тахтына әкем өрлеген,
Өмирде бизлерди урып көрмеген,
Бағып-жаққан ҳадал мийнет тер менен,
Әкемниң жанына жарасар анам.
Әкемниң күлкисин теңеймен сайға,
Анамның сымбатын мегзеттим айға,
Мен ырзаман таўып қосқан қудайға,
Әкемниң жанына жарасар анам.
Ара-тура еслеп жаслық гезлерди,
Күтеди бизлерден жыллы сөзлерди,
Өмир бойы бир-бирине қол берди,
Әкемниң жанына жарасар анам.
ӨСЕК АЙТА БАСЛАПТЫ
Өсекшилер талайларды қақсатты,
Оттан алып, суўға тағы таслатты,
Олар кимнен үйренгенин билмедим,
Досты-ярлар өсек айта баслапты.
Күтпеп едим өсек сөзди олардан,
Өсек деген тез жетип тур самалдан,
Жуққан екен қашан, қайсы жаманнан,
Досты-ярлар өсек айта баслапты.
Өмир
Гейде жарық, гейде қараңғы,
Гейде шадлы , ал гейде муңлы.
Түсине алмай ҳайран қаламан,
Өмир деген жумбақ па сырлы.
Күнлер келип ашылған гүллер
Күнлер келип сола баслайды,
Адамның да өмирин көрсек,
Мысалы бир гүлге усайды.
Ақтоты Сапарниязова,
Нөкис қаласы 18-санлы мектептиң оқыўшысы.
