Жаслар шаңарақ болған соң, әлбетте, перзентли болыўды қәлейди. Бала–адам ѳмириниң қуўанышы, үйдиң қызығы, келешегинен үмит күттиретуғын даўамшысы.
Ғайрат пенен Арзыгүлдиң турмыс қурғанларына алты жылдан асты. Арзыгүл үш мәрте балалы болды. Бирақ, нәрестелери қырқынан шықпай-ақ шетнеп қала береди. Қайта-қайта бийнесип қала берген Арзыгүл неге бундай бола бергенин ҳеш түсине алмады. Ѳзи емленип, күтинип, сақланып-ақ жүреди. Сѳйтип кѳтерген балаларының ҳеш жүрими болмады.
Мине, кейинги баласына да ҳәмиледар болды. «Қудайым, усыны ѳмири менен бергейсең», деп күни-түни тилек тилеўден тоқтамады.
Айы-күни жетип, Арзыгүл тоқпақтай уллы болды. Ата-анасы ырым етип, балаға Шәрьяр деп исм қойды. Алдыңғы балалары турмаған соң, Шәрьярдың әширепи болатуғыны белгили ғой. Анасы пүткиллей жумысты қойып, баланың бетине қарап отырады. Қолдан келгенинше балаға жақсы қарап, аязлатпай, аўыртпай ѳсириўге ҳәрекет етти.
Арадан ўақыт ѳте берди. Шәрьяр бес жасқа толып, есин биле баслады. Ол енди ѳзине унайтуғын затларға қалайынша ерисиўди жақсы билип алды. Айтқаны бола қоймаса, шатақ салады, бар даўысы менен жылайды, қолына түскенди ылақтырады. Анасы оны жылатып қойғысы келмей, сол жыламасын деп айтқанын ислеўге мәжбүр болады.
Шәрьяр бир ойнаған ойыншығы менен екинши мәрте ойнағысы келмейди. Тазадан басқаша нәрселер менен танысып, ойнап кѳргиси келеди. Ол үйдиң ишин аралап жүрип, ѳзине қызықлы болған затларды таўып алады. Оны алып кѳреди, аўзына салып кѳреди. Ҳәтте, сындырып, ишинде не бар екен деп қызықсынады.
Бир күни анасы асханада қамыр ийлеп атырған ўақытта Шәрьяр қайшы таўып алды. Оны алып, қандай зат екенине қызықсынып, қозғап кѳреди. Қайшының бир тәрепинен усласа, екинши тәрепи де қозғалып турады. Бул қызық нәрсе екен деп, анасына алып барды. Анасы оған: «Балам, бундай нәрсе менен ойнаўға болмайды, бар, орнына апарып қой», деди. Айтқанды тыңлай қоятуғын Шәрьяр ма!? Анасы бир нәрсе айтты екен-аў демеди. Қайшыны қолынан тасламай, ойнап жүре берди. Анасы да баланың ойнап жүрген затын қолынан алып, оны жылатып қойғысы келмеди.
Арзыгүл әлеттегидей қамырын бастырып болып, кешки аўқатына айналысты. Шәрьяр қолындағы қайшыны тасламай, еле услап жүр.
Бир ўақытта «тарс» еткен даўыс шықты да, изинен бала шыңғырып жиберди. Арзыгүл иштен жуўырып шықса. Шәрьярдың бети қаннан кѳринбейди. Бала сес-семирсиз, қанға боялып жатыр. Қорқып кеткен Арзыгүл не ислерин билмей албырақлап қалды. Бир ўақыта есин жыйнап, «Тез жәрдем»шақырды.
«Тез жәрдем» баланы емлеўханаға алып кетти. Фельдшер менен емлеўханаға бирге келген Арзыгүл Ғайратқа қоңыраў етти. Бирақ, не болғанын айтыўға шамасы келмеди. Себеби, қудайдан тилеп алған жалғыз баласы қанға боялып жатқанын ѳз кѳзи менен кѳрген, Арзыгүл ақыл-ҳуўышынан айрылмай не қылсын!?
Ҳеш нәрсеге түсинбесе де, әйтеўир, бир унамсыз ҳәдийсе болғанын пәмлеген Ғайрат, тез арада емлеўханаға жетип келди. Ол не болғанын шыпакерлерден сорап, билип алды.
«Эҳ! Не деген сор маңлай едим! Жалғыз түйир баламның пешанасында усындай жазмыш бармеди?!» деп, ишлей қатты қыйланды. «Не болса да операциядан аман шықсын», деп тиледи.
Еки саат даўам еткен операциядан кейин шыпакерлер баланың ата-анасын шақырып алып:
(Даўамы 8-бетте)
