РИТА МЕНЕН МАҚТАНАМЫЗ

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларға деген итибар оғада айрықша. Өйткени, “Шаңарағымыз уйытқысы”, жәмийетимиз тиреги болған ҳаял-қызларымыз ол қандай тараўда ислемесин,қандай кәсип ийеси болыўына қарамастан ҳәмийше ел ардағында болып келмекте. Әжинияз атындағы НМПИ мәлимлеме ресурс орайы,сырт ел мәлимлеме китапханалары менен ислесиў бөлим баслығы Рита Аманбаева кәсиплеслери арасында үлкен ҳүрмет-иззетке ийе.
30 жылдан аслам ўақыттан берли усы институтта жумыс ислеп киятырған Рита өз кәсибин шын кеўлинен жақсы көреди. Жумыста талапшаң, өзине берилген ўазыйпаны ақырына жеткермегенше тынып-тыншымайды. Студент жасларға сырт ел мәлимлеме ресурслары менен таныстырып,оларға жол-жоба бериўден шаршамайды. Ҳәттеки институт оқытыўшыларына да семинар-тренинглер өтип, Сцопус базасында мақала шығарыў бойынша мағлыўматлар береди. Өз кәсиплеслери арасында үлкенге ҳүрметте, кишиге иззетте болып, бар билгенлерин жалықпастан үйретип, бөлисип киятыр.
2022-жыл Өзбекстан Республикасында жоқары оқыў орынлары ишинде еки жоқары оқыў орны китапханашысына “Айрықша китапханашы” көкирек нышаны берилди.Булар Термиз мәмлекетлик Университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан Рита Аманбаевалар болды. Бул тек ғана Рита ушын емес НМПИ мәлимлеме ресурс орайы ушын да үлкен қуўаныш ҳәм жетискенлик болды, десек асыра айтқан болмаймыз. Усындай ҳаял-қызларымызға итибар берилип атырған мәмлекетте раўажланыўдың пүткиллей жаңа басқышларына қәдем қойып атыр. Елимиздиң жәмийетлик сиясий, социаллық-экономикалық тараўларында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырған бүгинги күнде, өзине жүкленген ҳәр қандай ўазыйпаны инабатлы атқарып, көпшиликке өрнек болып киятырған Рита Аманбаеваны ҳаял-қызлар байрамында үлкен қуўанышқа бөледи.
«Дурыс, ҳәр бир кәсиптиң өзине жараса қыйыншылықлары болады. Азы-кем мийнетимди баҳалап үлкен итибар берип атырғаны ушын рахмет айтаман. Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған кең көлемли реформалар,тарийхый өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, «Инсан қәдири ушын» идеясын өзинде жәмлеген ийгиликли ислеринде белсенди қатнасып, мәмлекетимиздиң раўажланыўына өз үлесимди қосаман», – дейди Рита Аманбаева.
Өз үстинде ислеген, өз кәсибин шын кеўилден жақсы көрген инсан, әлбетте, жақсы нәтийжелерге ерисип, мийнетлериниң жемисин көрери, басқаларға өрнек болары сөзсиз.
Қ.Мадиярова,
НМПИ Қарақалпақ тили кафедрасы ассистент оқытыўшысы.