Быйыл бәҳәр таңлары өзгеше атып атыр. Қуяш шуғласын жерге меҳир менен төгип, ана тәбиятымызды жанландырмақта. Бәҳәр самаллары ҳәм елши қуслары бир инсанды излер еди. Базы да тәбият та оны еслеп, бир гүрсинип жаўын жаўар еди.
Ана тәбият киби бизлер де устазымыз Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист марҳум Абдулла аға Ембергеновты жойттық. Бәҳәр сизди және изледи. Сизиң қуяштай келбетиңизди, шийрин сөзлериңизди ҳәм инсанларға деген меҳир-мүриўбетиңизди сағындық.
Былтырғыдан бәҳәр ерте келди. Сиз унатқан мәўсимде ерик мийўе дарағын ерте гүллетип, әтирапқа басқаша түс ендирди. Ақыры, быйыл сиз 50 жасты қарсы алар едиңиз. Әттең сум әжелдиң тәғдир ҳүкими жазмышы ерте питти.
Устазым! Бәҳәр менен биргеликте «Жеткиншек» газетасының жәмәәти ҳәм көп санлы оқыўшыларымыз еле сизди излемекте ҳәм еслемекте…
«Жақсыдан бағ қалады…»
«θмирдиң бағманы устаз» дегениндей журналистика тараўында көп ғана салмақлы мийнетлериңизди сиңдире алдыңыз. Әсиресе, ең шетки аўыллардағы тасада қалған талант ийелерин жүзеге шығарыўда бир қанша ушырасыўларды шөлкемлестирип, «Жеткиншек» газетасы менен тығыз байланыстырып бардыңыз. Жас әўладлардың қәлбинде дөретиўшиликке деген ықласты оятып, оларға жол-жобалар бердиңиз. Ал, редакцияда болса, ҳәрбир журналисттиң қәлеминиң ысылыўында, оператив болыўында мәсләҳәтлериңизди аямадыңыз.
– Мен бул балалардың сүйикли газетасы «Жеткиншек»ке басшы болып келгенимде, өзгеше бир әлемге келгендей болдым. Аппақ қағазға мегзес бул балалар пәк кеўилли, сондай-ақ, талантлы, қәбилетли әўладлардың орайына келгенимнен қуўандым. Ақыры, ҳинд данышпаны Маҳадма Ганди: «Мен балалар арасында жүргенимде өзимди бахытлы санайман», деген еди. Мен де «Жеткиншек» газетасының кишкене дослары менен бахытлыман. Олардың ҳәрбир таңлаўдағы жетискенликлери, табыслары менен бөлисип бараман. Ҳақыйқатында да, балаларға дүняны бериў керек екен. Себеби, олар ертеңги келешек ийелери ҳәм қурыўшылары. Мен олар менен бахтиярман. Бундай бахытты, қуўанышты устазым ҳәм кәсиплесим Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист Дарийха апа Үббиниязовадан көрип, гүўасы болдым. Оның кабинетине қашан барсам, өз дөретпелери менен келген оқыўшыларды көрип, кеўлим көтерилер еди. Редакцияға туңғыш қәдемин атлаған оқыўшыға көп мәсләҳәтлерин берип, талант мектебине жетелер еди.
Мен бул дөретиўшиликтеги устазым менен мақтаныш етемен. Илажы барынша Дарийха апаңыздан өрнек алың, журналистлик шеберлигинен сабақ алың. Себеби, бундай устаз ҳүрметке ылайық, -деп мақтар еди марҳум устазым Абдулла аға.
«Жақсыдан бағ қалады…» дегениндей, устазымнан көп ғана сабақлар алыў менен бирге, жақсылықты көрдик. Кишиге иззет, үлкенге ҳүрмет, шаңараққа деген меҳир-муҳаббатты, кәсипке деген садықлықты қулласы инсандағы ең әжайып пазыйлетлер онда бар еди. Әсиресе, дос-яранларына меҳир көрсетип, аўыр аўҳалларында жәрдем қолларын созыўы оның адамгершилик липасынан дерек берер еди. Дөретиўшилик сапарлар менен Ташкент, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларынан келгенде, ҳәр биримизге саўғалар әкелип, ол жақтағы журналистлердиң жумыс барысын ҳәм дөретиўшилиги бойынша айтып беретуғын еди. Сондай-ақ, тәжирийбели журналистлердиң мийнет жоллары ҳәм кәсиплик шеберлиги ҳаққындағы китапларды әкелип, олардан үлги алыўды мәсләҳәт етти.
Абдулла ағаның талапшаңлығы кәсибине пидайылығы бәри-бәри мийрас болып қалғандай. Сонлықтан да, оннан жақсы бағ қалды. Яғный, бәрше ҳәўес ететуғындай инсан болып, жақсылық бағын жаратып кетти.
Жақсылар сөнбес жулдызға айланады
Балалар қәлбинен орын алып, олардың ҳәрбир шадлығына өзиниң салмақлы үлесин қосқан устазым Абдулла аға бүгин арамызда жоқ. Бирақ, оның жазған шығармалары, өмирде адамларға еткен жақсылықлары мийрас болып қалды. Сыясы кеппеген сүйекли мақалалары еле ел аўзында. Қуўанышына шерик болған «Жеткиншек» газетасы ҳәрбир оқыўшысының жүрек төринде жасап атыр. Биз кәсиплеслердиң де қыймас устазымыз еди. Даналарымыз: «Биреўдиң саған еткен жақсылығын умытпа, бирақ, өзиңниң басқаларға ислеген жақсылығыңды умыт» деген еди. Сол айтқанындай устазымыздың бул дүняда ислеген ҳәрбир жақсылығы – саўап болып мәңги ядымызда қалады. Жақсылар жақсылығы менен сөнбес жулдызға айланады.
Жеңисгүл Ибадуллаева,
журналист.
