Референдум өткериўши округлик комиссиялардың ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлери нелерден ибарат?

Усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының жойбары бойынша референдумға қызғын таярлық көрилмекте. Бул референдумды миллий нызамшылыққа сәйкес түрде, жәмлескенлик пенен шөлкемлестириўде референдум комиссиялары әҳмийетли орын ийелейди.
Бизге белгили, Орайлық Сайлаў комиссиясының быйыл 16-марттағы мәжилисиниң қарары менен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы шегараларында 14 референдум округлери шөлкемлестирилди, референдум өткериўши округлик комиссиялар дүзилип, олардың қурамы ҳәр қыйлы тараў ўәкиллери тийкарында жәми 266 ағзадан ибарат етип тастыйықланды.
Усы референдум өткериўши округлик комиссиялар қандай ўазыйпаларды атқарады, олардың ўәкилликлери нелерден ибарат?
Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы Баҳодир Юнусов төмендегилерди айтып берди:
– Референдумды мүнәсип шөлкемлестириў ҳәм өткериўде, әлбетте, референдум комиссияларының орны үлкен, себеби олар усы процесслерге жуўапкер болып есапланады,-дейди ОСК ағзасы. – Атап айтқанда, референдум өткериўши округлик комиссияның ўәкилликлери «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 20-статьясында беккемлеп қойылған. Оған бола, референдум өткериўши округлик комиссия референдум участкаларын дүзеди, округ бойынша олардың тәртип санын белгилейди, мәнзилин көрсеткен ҳалда олардың дизимин жәриялайды. Референдум өткериўши участкалық комиссиялардың жумысын муўапықластырып барады. Буннан тысқары, қаржыларды референдум өткериўши участкалық комиссиялар арасында бөлистиреди, участкалық комиссиялардың имаратлар, транспорт, байланыс қураллары менен тәмийинлениўин қадағалайды ҳәм округте референдумды материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеўдиң басқа да мәселелерин көрип шығады.
Референдум өткериўши округлик комиссия референдумға таярлық көриў даўамында үгит-нәсиятлаў, түсиндириў жумысларының шөлкемлестирилиўи ҳәм жарытылыўында ғалаба хабар қуралларына жәрдемлеседи. Сондай-ақ, нызамшылыққа бола, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ўәкиллериниң, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер басшыларының референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемелерин тыңлайды.
Даўыс бериўши пуқаралардың дизимлериниң дүзилиўи ҳәм олардың ҳәмме танысып шығыўы ушын усынылыўын бақлап барыў, референдум өткериўши участкалық комиссияларды даўыс бериўши бюллетенлер менен тәмийинлеў, округ бойынша даўыс бериў жуўмақларын анықлаў ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық Сайлаў комиссиясына усыныў сыяқлы ўазыйпалар да референдум өткериўши округлик комиссияның ўәкиллигине киреди. Буннан тысқары, бул комиссиялар даўыс бериўши пуқаралардың ҳәм референдумның басқа қатнасыўшыларының мүрәжатларын көрип шығады.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы.