1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының дәслепки жыйналысы болып өтти

Өзбекстан Республикасы референдумын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының дәслепки жыйналысы болып өтти. Жыйналысты 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының баслығы У.Жалменов ашты ҳәм басқарып барды.
Округлик комиссия баслығы кирис сөзинде усы жылдың 30-апрель күни өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы референдумын шөлкемлестириў, бул бойынша әмелге асырылатуғын шөлкемлестириў-ҳуқықый жумыслар ҳәм бул сиясий процессти өткериў тәртиби менен байланыслы басқа мәселелерге тоқталды.
Буннан соң жыйналыс күн тәртибиндеги мәселелер бойынша 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясы баслығының орынбасары С.Утемуратова, комиссия хаткери М.Утепбергенов сөзге шығып, округлик комиссия ағзаларының ўазыйпалары, сиясий процесстиң әҳмийетине кеңнен тоқтады.
Жыйналыста 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының ис-режеси, комиссия ағзалары арасында ўазыйпалардың бөлистирилиўи ҳәм күн тәртибиндеги басқа мәселелер бойынша комиссия ағзаларының ашық даўыс бериў жолы арқалы қарар қабыл етилди.
Күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы референдумын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының Баспасөз орайын шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды. Баспасөз орайының қурамы тастыйықланды.
Референдумның ашық-айдын, әдил түрде өтиўинде ғалаба хабар қураллары да айрықша орынға ийе. Округте Баспасөз орайының шөлкемлестирилиўи сиясий процесслерди жергиликли ҳәм орайлық ғалаба хабар қуралларында кең түрде сәўлелендирип, журналист ҳәм блогерлерге оператив мағлыўмат жеткериўде биргеликте жумыс алып барыўы атап өтилди ҳәм бул бағдардағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Сондай-ақ, усы күни 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының ағзаларына гүўалықлар тапсырылды.
1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының Баспасөз орайы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.