Нотариус кәсиби ең әўели бәрше нызамлар ҳәм олардың қағыйдаларын терең билиў, күнделикли өмирде пуқаралардың нызамлы ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаў имканиятына ийе болып есапланады. Бул кәсип ийелери ҳуқықый саладағы кең билимге ийеболыўдан тысқары мынадай жеке минезге де ийе болыўы лазым:
Шәлкем-шалыслы, даўлы мәселелерди шешиўде шөлкемлестириўшилик қәбилети болыўы, усы себептен ҳәзирги ўақытта нотариуслар медиация бойынша таярлықтан өтпекте, келиспеўшиликлерди судқа жетип бармастан-ақ шешип бериў сырлары
н үйренип атыр. Нотариус хызметкери ушын және бир зәрүр тәреплерден бири ядында көп муғдардағы мағлыўматларды еслеп қалыўы дәркар.
Жуўапкершиликли түрде өз жумысына қатты қоллылық пенен кирисиўи керек. Нотариус тәрепинен кишкене ғана қәте тек өзине емес, пүткил жәмәәтине машқала алып келиўи мүмкин. Базыда кишкене қәтеден үлкен келиспеўшилик келип шығады.
Сонша жуўапкершилик ҳәм қыйыншылықларға қарамастан, мен өз кәсибимди жақсы көремен ҳәм пуқараларға қолымнан келгенинше ҳуқықый жәрдем бериўге ҳасла шаршамайман.
БаҳадырАлимбетов,
Нөкис қаласы жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.
