Халық қосықлары-халықтың миллий характерин, үрп-әдетлерин, тарийхый ўақыяларды сәўлелендириўши аўызеки ҳәм киши музыкалық фольклорлық шығарма. Халық қосықлары тийкарынан халық тәрепинен жаратылған, яғный тексти ҳәм намасының авторы белгисиз, улыўма халыққа тийисли әпиўайы ҳәм түсиникли етип жазылған қосықлар.
Фольклордағы қосықлардың баслы өзгешелиги халықтың аўызеки турмысында жасап, халықтың күн-көриси, үрп-әдет дәстүрлери менен тиккелей байланысып, аўызеки дөретилиўи көпшилик жағдайда дөретиўшисиниң анық емес белгисиз болып келиўи. Қарақалпақ халқының ҳәр бир үрп-әдети салт-дәстүр қосықлары менен тығыз байланыслы. “Дәстүр қосықлары халық турмысында қәлеген адам тәрепинен гез келген жерде айтыла берместен, өз орны менен белгили бир дәстүрий ўақыяға байланыслы атқарылғаны мәлим. Мәселен, бой жеткен қыз узатылып, турмысқа шығып баратырғанда ҳәўжар, сыңсыў қосықлары айтылса, келин түсирип той бергенде бет ашар қосығы айтылған. Адам баласы дүнядан өткенде оны жоқлап жоқлаў қосықлары айтылған”. Қазақ халқының көрнекли алымы Шоқан Ўәлийханов өзиниң шығармаларына жазған сөз басында: “Қосық дүнья жүзине саяхат етип жүрип, бир күни Сырдәряның арғы жағындағы қарақалпақлардың қонысына қонақ болыўға тоқтапты” деп баянлап, қарақалпақларды “Саҳрадағы биринши қосықшылар” – деп атаўының себеби де тосыннан емес.
Гейпара жағдайда жазба китабый дәстандағы қосықлар халық арасына кеңнен тарап, халық аўзында айтылып жүретуғын дөретиўшиси белгили қосықларда халық қосығы болып кетиўи мүмкин. Мысалы, “Бозатаў”, “Еллерим барды”, “Ақсүңгүл”, “Айжамал”, “Жақсырақ”, “Бүлбил” ҳәм басқа да қосықлар усындай характерге ийе.
Солай етип, биз улыўма халық қосықлары дегенде дөретиўшиси бир ўақытлары болса да умытылып кеткен муҳаббатқа, мийнетке байланыслы, гейпара тарийхый ўақыяға байланыслы, ақыл-нәсият терме, бесик жырын, балалар қосықларын, ҳәўжарларды, бет ашарларды, жоқлаўларды түсинемиз. Халық қосықларына халықтың аўызеки ҳәм жазба дөретиўшиси белгисиз дәстанларындағы қосықлар пүтини менен киреди. “Алпамыс”, “Ғәрип-ашық”, “Саятхан-Ҳәмре” сыяқлы дәстанлардағы айырым қосықлар халық қосықларына айланып кеткен.
Айжамал
Жиемуратова.
Магистрант.
