Адамзат жаратылысынан берли оның ѳмири ең уллы қәдирият болып есапланады. Инсан жоқ жерде қандай да бир нәрсениң қәдир-қымбаты ҳаққында айтыў мүмкин емес. Ҳәмме нәрсе, ҳәр қандай ислер оның аты менен байланыстырылады. Сол ушын да инсанның қәдирин билиў, оның турмыс шараятын жақсылаў, билимин ѳсирип, мәдений дәрежесин арттырыў, денсаўлығын сақлап, ѳмирин қорғаў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарын қурайды.
Жәмийетте жүз берип атырған түпкиликли ѳзгерислердиң, жаңаланыўлардың, реформалардың бәри инсан ѳмириниң жақсы болыўы, инсан ѳзин шын мәнисте емин-еркин сезиниўи, ѳз мийнети нәтийжесиниң жемисине ийе болыўы қалаберди, ѳз тәғдириниң ийеси болыўын тәмийинлеўге қаратылған болып табылады.
Солай екен, инсан турмысы ойыншық емес. Оның жәмийетте ѳз орнын таўып, жақсы жасап кетиўи ушын мектеп жасындағы оқыўшыларымызға жол-жоба кѳрсетип, мүмкиншиликлерин түсиндирип, керек болса имканиятлар жаратып бериў-бул биз педагоглардың тиккелей жумысы десем қәтелеспеймен.
Усыған байланыслы жақында мектебимизде «Ѳз-ара мүнәсибетлерди басқарыў» темасында 9-класс оқыўшыларына психологиялық тренинг шынығыўларын ѳткердик. Бунда мүнәсибетлер деген не. Ол неден басланады? деген сораўлар дѳгерегинде болып, оған еки класс оқыўшылары толық қатнасты.
Бириншиден мүнәсибет дегенимиз инсанлардың бир-бирлерине болған жыллы-жүзлилик пенен жасаған қатнасына айтылады. Ол неден басланады. Адамлар бир-бирин кѳргенде нелер ислейди? Ең әўели сәлемлесип алады. Адам баласы туўылғанынан баслап, есин танып, шүлдирлеп сѳйлеп баслағаннан-ақ оған сәлемлесиў әдебин үйреткенимиз ақылға муўапық болады. Ислам дининде сәлемлесиў ҳәм ҳәр бир нәрсеге рухсат сораў үлкен әдеплилик деп үйретиледи.
Сәлемлесиўдиң мақсети пүткил әлемдеги адамларды дос, бирадар етип, жәнжеллерди тоқтатып, досластырыў болып табылады. Сол себептен өкпелесип қалған адамлар үш күннен артық сәлемлеспей, сѳйлеспей қалыўы гүнә есапланады.
Сондай-ақ, ҳәдислерде келтирилиўинше пайғамбарымыз Мухаммед Әлийҳиссалам ҳәммеге алдын сәлем берген. Сахабалары биринши сәлем бериўге үлгере алмай қалар екен. Пайғамбарымыздың бул қәбилети, оның кемтарлығының басқаларға ибрат, тәрбия болыўы ушын еди. Оның айтыўынша, егер сен сәлем бергениңде базылар қабыл алмаса қапа болмаң, Сизиң сәлемиңизди периштелер әлик алады ҳәм сизге саўап жазылады.
Ғәззел мүлкиниң султаны мир Әлишер Наўайы кәмил инсанларға тән әдеп ҳаққында сѳзлегенде сәлемлесиў әдебин тилге алған. Былайынша қарағанда сәлемлесиў ҳәмме билетуғын әпиўайы гәпке усайды. Бирақ, бунда терең мәни бар болып, оның әҳмийетин ҳәмме де биле бермейди.
«Ѳз-ара мүнәсибетлерди басқарыў» тренинг те қурыдан-қуры ѳткерилмеген болып, еки класстың өкпелесип жүрген айырым оқыўшылары арасында аўызбиршилик, татыўлық орнатылды. Енди олар бир-бирлери менен досласты. Бул тренинг бизге ҳәм олар ушын да үлкен қуўаныш алып келди десем болады.
Насиба АЛЛАМБЕРГЕНОВА,
Нѳкис қаласы 29-санлы мектеп психологи.
