Нөкистиң Ақ жағыс мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Дүнья жүзилик шығындысыз күн»ге бағышланып тазалық акциясы өткерилди. Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң хызметкерлери қатнасты.
Дәслеп қәнигелер тәрепинен усы күн мүнәсибети менен жыйналғанларға қорш
аған орталықты қәстерлеп-сақлаў ҳаққында түсиник берилди.
Атап өтилгениндей, Дүнья жүзилик шығындысыз күн – инсанияттың өзи жасап атырған аймақта тазалықты орнатыў идеясын сәўлелендиреди. Бул идея ең алды менен 2008-жылы Эстонияда пайда болып, 50 мың волонтёр мәмлекетти шығындылардан тазалаў ушын бирлеседи. Бул сәнеге бағышланған илажлар Өзбекстанда биринши мәрте 2019-жылы өткерилген.
Күн даўамында акция қатнасыўшылары МПЖ имараты әтирапында, үлкен жоллардың шетинде, көшелерде ири көлемли тазалаў-абаданластырыў жумысларын әмелге асырды ҳәм топланған шығындылар шығынды полигонларына жайластырылды. Тазалық жумысларына жуўапкер шөлкемлердиң 9 арнаўлы транспорт қуралы тартылып, 100 ден аслам пидайы жумысшы-хызметкерлери белсене қатнасты. Илаж даўамында 9 тонна шығынды аймақтан арнаўлы полигонларға алып барып, зыянсызландырылды.
– Тазалықты сақлаў, абаданшылықты тәмийинлеў бир күнлик жумыс емес, – дейди комитеттиң бас қәнигеси Ислам Дәўлетмуратов. – 2023-жылдың үш айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша 36 мың 182 тонна шығынды алып шығылған болып, жылдан-жылға оның көлеми артып бармақта. Тийкарынан «Дүнья жүзилик шығындысыз күн» адамларда өзи жасап атырған аймақты таза сақлаў, шығынды шығарыў көлемин азайтыўдың әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға қаратылған.
Илажда белсене қатнасқанларға алғыснама ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
