ТАРАЎДАҒЫ ЖАҢА ЎАЗЫЙПАЛАР

Жақында бажыхана уйымларында экономикалық қәўипсизлигимизди тәмийинлеў жолында олардың искерлиги, әмелге асырылып атырған ислер есабаты, тараўдағы санластырыў процесслери бойынша Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Прессконференция ѳткерди.
Оған ғалаба хабар қураллары хызметкерлери менен блогерлер қатнасты. Прессконференцияда улыўма тараўға заманагѳй информациялық-коммуникация технологияларының енгизилиўи нәтийжесинде 40 тан аслам интерактив хызметлер арқалы физикалық ҳәм юридикалық шахслар тараўға тийисли ашық мағлыўмат ҳәм хызметкерден пайдаланыў мүмкиншилиги жаратылған. Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы мысалында алып қарасақ, ѳткен жыл даўамында қуны 364,6 млн. АҚШ долларынан артық ѳнимлер экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилген. Улыўма баҳасы 636,7 млн. АҚШ долларын қурайтуғын республикамыз сыртқы саўда айланбасының 57,2 проценти товар экспортына туўра келеди. Соннан 468 млрд. 108 млн. сум қаржы мәмлекет бюджетине ѳткерилген. Есабат дәўиринде бажыхана тараўына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўы менен байланыслы 627 ҳуқықбузарлық жағдайлары анықланып, қуны 11 млрд. 177 млн. сумлық товар материаллық байлықлар айғақлы зат ретинде услап қалынды. Соннан жәми 28 фактте Ѳзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары бойынша жынаят иси қозғатылған. Буннан басқа да аралықтан электрон декларациялаў бажыхана постының шѳлкемлестирилиўи, усы постларда исбилерменлик субъекти менен бажыхана хызметкерлериниң ушырасыўына жол қойылмастан аралықтан турып-ақ тийисли ҳүжжетлердиң автоматластырылыўы жумыс процесиниң тезлесиўине алып келгенлигин ҳәм бул система бәршеге бирдей қол келетуғынлығын әсиресе, коррупциядан аўлақ системаға айланыўындағы әҳмийетли адымлардың биринен болып есапланады.

Мине, усы мағлаўматлар менен Қарақалпақстан Республикасына Бажыхана басқарма баслығы, полковник Илҳамбек Казаков, биринши орынбасары, полковник Нурабылла Бердиевлер таныстырды.
Пресс конференцияны баспасѳз хызмети бас инспекторы, майор Юлдуз Қудиярова шѳлкемлестирди.
Бажыхана хызметиниң жуўапкерли хызметкерлери журналистлердиң сораўларына жуўаплар берди.
Ш.СИЙПАТИНОВ,
Журналист.