Бас нызамымыз, бизиң ар-намысымыз, бизиң кепиллик берилген хуқықымыз қандай екен деп, не өзгерис бар, бурынғыдан не менен парықланады екен – деп қызығып, Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының жойбарына қызықтым. Әсиресе, өзим устаз болғаным ушын, билимлендириўге тийисли жерин,астын сызып, қунт пенен үйрендим.
Бириншиден унағаны, Өзбекстан – социаль мәмлекет деп белгиленгени ҳәм қатар пуқараларға ғамқорлық қаратылғаны, Конституцияда хәр кимниң үйли-жайлы болыўы белгиленгенлиги,халықтың бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы ҳәм басқалар.
Өзбекстан – ҳуқықый мәмлекет деп белгиленип, инсан ҳуқықларына тийисли нормалардың үш есеге арттырылғаны; адамлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў менен байланыслы барлық хәрекетлерге, тек ғана суд шешими тийкарында жол қойылыўы белгиленбекте.
Өзбекстан – халықшыл мәмлекет деп белгиленип, бул Конституцияда халықшыл мәмлекет қурыў мақсетинде күшли парламент, ықшам ҳәм жуўапкерли ҳүкимет, ғәрезсиз хәм әдалатлы суд системасын қурыўға қаратылғаны келешекке исеним менен қараўға ийтермеледи.
Кеўлиме қонғаны билимлендириўге тийисли болған 50-51, 52-статья болды, бул нызам менен кепилленип, биз муғаллимлерге қатар имканиятлар ҳәм жуўапкершиликлер жүклейди.
Ол статьяларда мәмлекет оқытыўшылардың ар-намысын ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық пәраўанлығы, қәсиплик жақтан жетилисиўи ҳаққында ғамқорлық етеди делинген.
Майыплығы болған балалардың билим алыўы, жасаўы ушын еле де мүмкиншиликлердиң киргизилиўи жүдә орынлы. Олар теңлеслери менен бир сапта турып, билим алыўы шәрт деп ойлайман ҳәм қоллап-қуўатлайман.
76-77-78-79-80-статьялар да ата-аналар менен балалардың ўазыйпалары, миннетлери көрсетилген ҳәм ата-ананың балалар тәрбиясында жуўапкершилиги еле де күшейтилгени биз устазларға жүдә мақул келди. Себеби, жарқын келешекте ата-ана, мектеп, мәҳәлле болып, бирлеспесек болмайтуғынын өмирдиң өзи дәлилледи.
Оқыўшыларды Ўатан суйиўшилик хәм оған болған мухаббат сезимин қәлиплестириўде биз устазлар аянбай хызмет етемиз.
Мен жаңаланып атырған Конституцияға үлкен исеним менен қарайман хәм бийпәрўа емеспен. Конституцияда мениң келешегим, балаларымның келешеги, пүткил халқымның келешеги кепилленген.
Оралхан Сапарова,
Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты, 34-санлы мектеп директоры.
