Темир жоллардың елимиз эканомикасының алға илгерилеп раўажланыўында мәмлекетлер аралық қатнасықларда пуқараларды өз мәнзилине қәўип-қәтерсиз жеткериўде орны айрықша. Бүгинги күнде мәмлекетимизде темир жоллар, оларда жүриўши поезд вагонларын, темир жол вокзалларын ҳәм басқа да оған байланыслы объектлер заманға сай тәризде қурылып хәр биримизде мақтаныш сезимин оятпақта.
Өз орны менен айрықша болған усы байлықларымызды көздиң қарашығындай сақлаў темир жоллар әтирапында пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийнлеў бағдарында тийисли орынлар, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Транспортта қәўипсизликти тәмийнлеў тараўының ҳызметкерлери тәрепинен тийисли ис-илажлар тийкарында көплеген жумыслар исленбекте.
Темир жоллар әтирапын пиядалар ҳәм жолаўшылар ушын емин еркин жүриўши орынларға кирите алмаймыз. Бул орынлар бийпәрўалықты ҳасла кеширмейди. Себеби темир жолды кесип өтиўде надурыс басылған қәдем орны толмас қайғылы түс алыўы мүмкинлигин көпшилик, әсиресе ересек адамлар жүдә жақсы биледи.
Деген менен, буларды енди ғана ақыл жыйнап киятырған жас өспиримлер жақсы билермекен…? Қоңырат темир жол станциясында Транспортта қәўипсизликти тәмийнлеў басқармасы ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы топары, жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы топарының инспекторлары тәрепинен жас өспиримлердиң бул бағдарда, яғный орынларда өзлериниң ҳәм басқалардың ҳәр тәреплеме қәўипсизлигин сақлаўдағы ҳәм ҳуқықый билимин жетилистирип барыўда бир қатар илажлар әмелге асырылып атыр.
Темир жолларда жақын жайласқан мектеп ҳәмде мәҳәллелерде усындай ийгиликли мақсетлерди өз ишине қамтыған ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлерин өткерип барыў жақсы жолға қойылған.
Қоңырат темир жол станциясы әтирапында бүгинги күнде 35, 36, ҳам 50-санлы орта мектеплер бар. Оларда бир нешше жүзлеген жас өспиримлер тәлим-тәрбия алмақта. Көпшилик оқыўшылар оқыў орынларына барыў ушын темир жол тармақларын кесип өтиўге мәжбүр. Сонлықтан топарымыз инспекторлары тәрепинен, оқыўшылардың поездлар ҳәрекетине кесент етпей, өз мәнзилине қәўип-қәтерсиз барыўлары, темир жол әтирапында тәртипсизлик, ҳуқықбузарлық ҳәрекетлериниң алдын алыў бойынша жоқарыда аты аталған оқыў орынларындағы оқытыўшылардың қатнасында жыл басынан бери бир қатар жумыслар исленди.
Усындай илажлардың бири Қоңырат районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 36-санлы орта билим бериў мектебинде алып барылды. Онда мектеп оқыўшыларына темир жол қағыйдасына байланыслы видеоролик ҳәм «Темир жол әтирапында транспорт қәўипсизлигин сақлаўдың базы бир машқалалары» атамасындағы оқып берилген баянат оқыўшыларда улкен тәсир қалдырды.
Өз гезегинде оқыўшылар ҳәм оқытыўшылар тәрепинен берилген сораўларга жуўап қайтарылды.
Байназар АЛЛАМЖАРОВ,
ҚР Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы ҳуқықбузарлықлар профилактикасы топары аға инспекторы, майор.
