Елимиз бойлап даўам етип атырған рамазан айының кѳп ғана саўабы, денсаўлық ушын пайдасы барын жақсы билемиз. Ораза тутып, ѳзлериниң парызын атқарып атырған ҳәр бир ораза тутқанларға ислеген әмеллериңиз қабыл болсын деймиз. Пазыйлетли рамазан айының берекети себепли бул айда ҳәр бир жақсы әмелдиң саўабы жетпис еседен жети жүз есеге шекем кѳбейтип бериледи. Сонлықтан, бул айды мѳмин бенделердиң саўапларды топлаў мапазы-деп бийкарға айтылмаған.
Ораза тутқанда жүректиң асқазанға қан айдаў тезлиги пәсейеди. Басқа ағзаларда да қан айланысы сезилерли дәрежеде азаяды. Сол себепли жыл даўамында жыйналып қалған зыянлы затлар шығарылып тасланады. Ѳкпени зәҳәрден тазалайды. Асқазан да сондай. Ишеклерде жыйылған шѳгиндилер жуўылып кетеди. Баўыр тазаланып, бүйреклеримиз артықша дузлардан қутылады. Сол себепли қанбасымы пәсейеди. Егер оразада дурыс аўқатланса адам организми ушын кѳплеген пайдасы бар. Аўыз ашқаннан соң бир стакан жыллы суў ишкеннен соң бир неше минутлар ѳтип ишип-жеўди баслаў керек. Дәслеп салат жеген мақул. Тамақты әстен ҳәм шайнап жеў зәрүр. Аўқатланып болып мазалы затлар жемеў керек, аўқаттың сиңиўи аўырласады. Аўыз ашарда ҳәм сәҳәрлик аралығында 1,5-2 литр суў ишиў усыныс етиледи. Ҳурма менен аўыз ашыўдың пайдасы кѳп. Аш болып, кѳп аўқат талап етип турған асқазанға жетип барып, мийге толық мағлыўмат жѳнетеди. Нәтийжеде ҳәлсизленип турған асқазанға жеңил ҳәм тез ҳәзим болыўшы ҳурма жайласады. Ҳурмада калий муғдары жоқары болғаны себепли нерв системасы өзине келеди. Ашлық себепли қант муғдары кѳтериледи.
Нәтийжеде ҳәлсизлик, ериншеклик, дыққатты жәмлей алмаслық сыяқлы жағдайлар болыўы мүмкин. Ҳурма қант муғдарын пәсейтеди. Ол кѳплеген витаминлерге бай мийўе. Бул айда бизиң санаториймизде де үлкен жаңалық болды. Яғный, қәрияларымыз ушын айтатуғын қуўанышлы хабарымыз бар. Санаторий усы жыл толық реконструкциядан шықты. ҚР ВК «Ягона буюртмачи хизмати» инжиниринг компаниясы тәрепинен тендер саўдалары тийкарында ашықланған бас қүдиретши тәрепинен реконструкция ислери толық жуўамақланды. Енди мебеллери келсе, санаторий жаңа түсте, жаңа хызметлери менен иске түсиў алдында турыпты. Бизлердиң мақсетимиз-жасыүлкенлердиң денсаўлықларын тиклеў, олардың узақ ѳмир кѳрип, перзентлери алдында саў-саламат жүриўлерин тәмийинлеўден ибарат. Рамазанның кѳби кетип, азы қалды. Бул муқаддес айда қолымыздан келген жақсылықларымызды ислеп, жақсылар санын кѳбейтиў кереклигин умытпайық.
З.Кушкарова, Р.Байжанова,
Г.Сапарова.
Қәриялар ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын «Тақыятас» санаториясы мийирбийкелери.
