Автомобиль урлығы ушын жуўапкершиликлер

2016-жылдың 27-декабрь сәнесинен баслап Өзбекстанда транспорт қуралларын урлағанлық ушын жуўапкершилик күшейтилди.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында стастистикалық мағлыўматларға қарағанда ҳәр жылдың биринши үш айлығында болып атырған машина урлығы жынаятына келетуғын болсақ 2018-жылы 6 мәрте, 2019-жылы 3 мәрте, 2020-жылы 5 мәрте, 2021-жылы 2 мәрте, 2022-жылы 3 мәрте ал 2023-жылда болса 2 мәрте болған.
Ҳәзирги ўақытта Жынаят Кодексиниң 267-статьясына бола, транспорт қуралын урлаған шахс 5 жылдан 10 жылға шекем еркинен айырылыўы мүмкин. 2016-жылға шекем усы жынаятқа қол урғанларға 3 жылдан 5 жылға шекемги еркинен айырыў жазасы қолланылып келинген.
Усы жынаят:
а) тәкирар ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдын-ала тил бириктирген ҳалда;
в) күш көрсетиў ямаса зорлық ислеў арқалы;
г) транспорт қуралын зорлық пенен ийелеп алыў тәризинде әмелге асырылса, 10 жылдан 15 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўға тийкар болады.
Тап усы ҳәрекет:
а) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) шөлкемлескен жынайы топар тәрепинен;
в) транспорт қуралын басқыншылық жолы менен ийелеп алыў арқалы әмелге асырылса, 15 жылдан 20 жылға шекем еркинен айырыўға тийкар болады.
Ерназар Мамутов,
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги академиясы 3-курс, 328-топар курсанты.