«Китап», «китапқумарлық», «Китапхана» сѳзлери тийкарынан араб тилинен алынған болып бир мақсетке, яғный инсан мәнаўиятын байытыўға хызмет етеди. Тарийхқа нәзер салсақ, ең биринши китапханалар эрамыздан 2600 жыллар алдын пайда болған екен. Лекин, ол дәўирлерде мағлыўматлардың барлығын сақлап қалыўшы архивлер, китапханалар болмаған болса да, аўызеки, қолдан қолға аз муғдарда болса да жетип келген. Ҳәзирги заманагѳй китапханалар жүдә қолай, ықшамлы, етип қурылып атыр. Заманагѳй китапханалар дизайни, архитектурасы, қолайлығы менен пайдаланыўшыларға жаратылған имканиятлар менен ажыралып турады. Сондай-ақ, пайдаланыўшыларға хызмет кѳрсетиўдиң жаңа түрлерин жаратыў бул заман талабы. Илим, билим, пән техника раўажланған дәўирде китапханалардың да миссиясы ѳзгереди. Европа ҳәм Россияда бул жумыслар жүдә кѳзге түспекте. Анық мысалларға қарайтуғын болсақ келешектиң ҳақыйқый заманагѳй китапханалары жаратылған.
Ѳзбекстан Республикасының заманагѳй китапханаларынан бири-бул Алишер Наўайы атындағы Ѳзбекстан Миллий китапханасы, «Боок Моунтаин анд Либрарй Куартер», (Нидерландия) Веннесл Саммамиш қала китапханасы, (Вашингтон) Квинслэнддаги (Австралия) Бразилиядағы жаңа китапханалар Квинслэнд штатында жайласқан және бир китапхана Истамбулдағы Баязид китапханасы ҳ.т.б.
Бул китапханалардың барлығы қала ишинде пайдаланыўшыларға қолай жерлерге жайластырылған. Жаратылған қолайлықлар түрли бѳлимлерге ажыратылған кең, жарық зоналарға бѳлинген болып, қәлеген жериңизде китап оқыўға, сондай-ақ кѳргизбелер залында китапхана мийманлары ѳз қоллары менен әжайып дѳретпелерин жаратыў, тил үйрениў ҳәм ҳ.т.б. имканиятларына ийе. Балалар ушын арнаўлы ханалар ажыратылған болып ата-аналар перзентлери менен келип бирге китап оқыў ўақытларын мазмунлы ѳткериў ушын барлық имканиятлар жаратылған.
Мазмунлы керекли, китапты әжайып сулыў китапханада оқыў-бул әлбетте иедал теңлик. Китап оқыўшылар китапханаға тек информация алыў мақсетинде емес, яғный билим алыўға, оқыўға яки үйрениў ушын келеди. Жас әўладты ҳәр тәреплеме бәркамал етип тәрбиялаўда, китапханаларымыздың роли үлкен.
Жоқары оқыў орынлары, техникум, лицей, мектеплер китапханалары тийкарынан сабақлықлар, оқыў қолланбалар менен тәмийинлеўге бейимлескен болып әдебий китаплар менен аз муғдарда тәмийинленген. Китапханашы қәнигелерден китап оқыўшылар ѳзине керекли әдебий китапларды сорап келгенде «Бизде ол китап жоқ еди» деп айтыў жүдә қыйын. Китап оқыўшы бир еки мәрте китап сорап келгенде китапханашылар жоқ дейберсе китапханаға келмей қоятуғыны анық факт.
Республикамызда бирде-бир Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме китапхана орайы бар деп ойлаўыңыз мүмкин. Тилекке қарсы бул китапхана ушын арналмаған, бейимлескен мәкемеде болып, ҳәзирги ўақытта қаладан узақта жайласқан. Бул пайдаланыўшыларға қолайсызлықлар туўдырмақта. Китапханашы қәнигелери жоқары оқыў орынларына аўыр китапларын кѳтерип келип китап оқыўшыларды тартыўға ҳәрекет етип атыр, бирақ бул китап оқыўшылар ушын жетерли емес деп ойлайман.
1936-жыл Тѳрткүл китапханасы базасында дүзилген китапхана Нѳкис қаласына кѳширилген. Усы дәўирлер аралығында арнаўлы китапхана салынбаған.
Оқыў орынларының студент жасларына усы китапхананың жайласқан орнын айтып түсиндириў қыйын. Себеби студентлердиң кѳбиси районлардан, басқа ўалаятлардан келип тәлим алып атырған жаслар.
Биз ўәлаят яки район емеспиз, ѳз үрп-дәстүрлерине, мәдениятына, ѳз ана тилине ийе халықпыз. Китапханалар халқымыздың кешеги ямаса бүгинги турмысын ѳзинде жәмлеген орай, соның ушын да бүгинги күнимиздиң ертең тарийхқа айланатуғынын умытпаўымыз керек.
Дүнья жүзинде китапханалары қала ишинде жайласқан болып, пайдаланыўшыларға ҳәр тәреплеме қолайлықлар жаратылған. Бизлер де дүнья жүзи китапханаларындай барлық шараят ҳәм имканиятлар бар китапханалардан пайдаланыўды қәлер едик.
1936-жылдан бери бейимлескен китапханада хызмет кѳрсетип киятырған китапхана қала орайында ашылғанда мақсетке муўапық болыр еди.
Гүлпаршын ШАНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан аўыл хожалығы агротехнологиялар институты китапханашысы.
