«Шығындыларды өртеп өртке себепши болмаң»

Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен ис-илажлар ислеп шығылып район аймағында жайласкан мәкеме, кәрхана, оқыў орынлары, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде ҳәм пуқаралар турақ жайларында ийис газинен зәҳәрлениўдиң пайда болыўы мүмкин болған айрықша жағдайлардың, өртлердиң алдын алыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылыўы жолға қойылды.
Өткерилип атырған профилактика бойынша Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери ҳәм 15-кәсиплестирилген өрт қутқарыў бөлекшеси жеке қурамы, тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте район аймағында жайласқан пуқаралар турақ жайларында ҳәм көп қабатлы турақ жайларында өрт қәўипиниң алдын алыў ҳәм шығындыларды өрттен сақлаў мақсетинде өртке қарсы жағдай көзден өткерилди. Пуқаралардың өз турақ жайларында ушырасқан айырым кемшиликлер өз орнында сапластырыў илажлары көрилди ҳәм әмелий жәрдем көрсетилди.
Сапластырылмаған кемшиликлер бойынша район ҳәкимшилиги, газ, электр тәмийинлеў кәрханалары, АПЖ, МПЖ ақсақалларына жазба түрде мағлыўмат берип келинбекте. Кемшиликлерге жол қойған пуқаралар АПЖ, МПЖларда аўыл турғынлары менен додаланып, келешекте бундай кәте-кемшиликлерге жол қоймаў бойынша кең түрде түсиндириў жумыслары алып барылды. Алып барып атырылған үгит-нәсият жумысларына қарамастан айырым пуқараларымыз өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына немқурайлық пенен қараўы нәтийжесинде өртлер келип шығып атыр.
Ҳүрметли ўатанласлар, өткерилип атырған “Шығындыларды өртеп өртке себепши болмаң”. Илажларға белсене қатнасыўыңызға шақырамыз

А.БЕКМУРАТОВ,
Нөкис районы, АЖБ баслығы.